Усы жылдың 1718-август күнлери Шавкат Мирзиёев Еки Муқаддес мешит хызметкери, Саудия Арабстаны Патшасы Салман бин Абдулазиз Ол Саудтың мирәт етиўине бола мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетке барады. Бул кейинги 30 жыл ишинде мәмлекет басшысының усы мәмлекетке дәслепки сапар етиўи.

Сапардың бағдарламасына муўапық Жидда қаласында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер болып өтеди. Оларда мәмлекетлеримиз арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланады. Айрықша итибар «жасыл экономика», жоқары технологиялар ҳәм санластырыў, инновациялар, киши бизнес ҳәм исбилерменлик тараўларына қаратылады.

Саммит жуўмағында еки тәреплеме ҳүжжетлердиң үлкен топламына қол қойылыўы күтилмекте.

Сондай-ақ, мәмлекет басшысы Саудияның жетекши компаниялары, абырайлы халықаралық структуралар – Ислам бирге ислесиў шөлкеми ҳәм Ислам раўажланыў банкиниң басшылары менен ушырасыў өткереди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги