Президент Шавкат Мирзиёев халықтың турмысы ҳәм ири санаат жойбарлары менен танысыў мақсетинде 12-август күни Ташкент ўәлаятының Бекабад қаласына барды.

Мәмлекетимизде барлық тараў ҳәм тармақларды түп-тийкарынан жаңалаў ҳәм модернизациялаў бойынша тынымсыз изленислер алып барылмақта. Халқымыздың турмысын жақсылаўға қаратылған кең көлемли реформалар кирип бармаған, оның мазмунын өзгертпеген бирде-бир бағдар ямаса тармақ жоқ.

Жаңа Өзбекстанның  жаңа келбетин, халқымыздың шын мәнидеги заманагөй тарийхын жаратыў жолында үлкен мақсетлер қойылды. Нәтийжеде инновациялық экономиканы раўажландырыў, санаатқа жоқары технологяларды енгизиў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў жолында жаңадан-жаңа имканиятлар пайда болмақта.

Бекабад қаласының экономикалық-социаллық раўажланыўында Өзбекстан металлургия комбинатының орны үлкен. Оның қурамында онлаған кәрханалар, социаллық мәкемелер бар. Комбинатта 11 мың адам ислейди.

Сонлықтан оның жумысын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта. Кейинги жылларда бир қатар инвестициялық жойбарлар әмелге асырылып, жаңа цехлар иске түсирилди, барлары модернизацияланды.

Олардан бири – сортлы прокат комплекси. Дерлик 5 миллион долларлық жойбардың есабынан бул жерге сырт елден термо-беккемлеў линиясы алып келинип, усы жылы февральда иске түсирилди.  Бул арқалы жылына  500 мың тонна А500-800 маркалы арматура ислеп шығарыў қуўатлылығы жаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы комбинатқа барған ўақытта бул комплексти кирип көрди, жойбардың экономикалық нәтийжелилиги менен қызықты.

Бәринен бурын, термо-беккемлеў процесинде химиялық затлар үнемленгениниң есабынан арматураның өзине түсер баҳасы төменлеген. Жылына 300 мың долларлық импорттың орнын толықтырыў есапланған.

Және бир әҳмийетли тәрепи, бул арматура халықаралық DIN стандарты сертификатын қолға киргизген. Енди бул өнимди Европаға экспорт етиў режелестирилген.

Президент комбинаттағы және бир әҳмийетли жойбар – Қуйыў-прокат комплексиниң қурылыс майданында болды.

672 миллион евролық бул жойбардың нәтийжесинде жылына 1 миллион тонна полат листлер ислеп шығарыў жолға қойылады. Бул жойбар иске түскеннен соң, комбинаттың қуўатлықлары 2 есеге артады.

Бүгинги күнде комплекс ушын темир жол ҳәм автомобиль жолының қурылысы жуўмақланып, темир-бетон конструкциялары орнатылмақта. Италияның «Danieli» компаниясы тәрепинен зәрүр үскенелер алып келинбекте. Оны 2024-жылы иске түсириў режелестирилген.

Мәмлекетиимз басшысы буны жеделлестириў ҳәм кәрхананы кепилленген шийки зат пенен тәмийинлеў зәрүрлигин атап өтти.

– Өз ўақтында бул комбинат ушын 800-900 мың тонна екилемши қара металлды қайта ислеў жеткиликли еди. Бирақ бүгинги күнде экономикамызда қара металлға болған талап 4 миллион тонна. Оның да 50 проценти импорт есабынан  қапланбақта. Сол ушын бул кәрхананы тезирек иске қоссақ, экономикамызға үлкен пайда келтиреди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарға қатнасып атырған Түркияның «Renaissance Heavy Industries» ҳәм Италияның «Danieli» компанияларының басшылары менен сәўбетлести.

Буннан соң Өзбекстан металлургия комбинатында усы тараўды раўажландырыў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Бул комбинат бурын елимизде қара металлургия тараўындағы бирден-бир кәрхана еди. Кейинги бес жылдағы реформалардың нәтийжесинде 200 жаңа кәрхана шөлкемлестирилди. Оларда 25 мыңнан аслам адам мийнет етпекте. Өткен жылдың өзинде тараўда 16 триллион сумлық товарлар таярланған. Темир ҳәм темир өнимлерин ислеп шығарыў 1,8 есеге өсип, 2 миллион тоннадан көбейген.

Соның менен бирге, елимизде қурылыс жумыслары, санаат жойбарлары еле көп. Бүгинги күнде барлық тараўларда жылына 4 миллион тонна қара металл пайдаланылмақта. Атап айтқанда, металлға кететуғын қәрежетлердиң үлеси турақ жай қурылысының өсине түсер баҳасында 15 процентти, машина қурылысында 40 процентти қурамақта.

2026-жылға барып, елимиз экономикасының зәрүрликлери ушын 6 миллион тоннаға шамалас металл керек болыўы есап-санақ етилген. Қала берсе, жәҳән экономикасындағы қыйын жағдай, логистика шынжырындағы үзилислер ири металлургия кәрханаларының жумысында да қыйыншылық туўдырмақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул шараятта тек ғана өзимиздиң металлургия санаатымызды жедел раўажландырыў арқалы мақсетке ерисиў мүмкин екенлигин атап өтти. Бул бағдардағы төрт тийкарғы ўазыйпа көрсетип өтилди.

Бириншиси – металлды ислеп шығаратуғын кәрханаларды шийки зат пенен кепилликли тәмийинлеў. Екиншиси – барлық аймақларда металл ислеп шығаратуғын кәрханалар шөлкемлестирилиўин қоллап-қуўатлаў. Үшиншиси – жоқары қосымша қун жарататуғын санаат тармақлары ушын заманагөй металл конструкциялар ислеп шығарыў. Төртиншиси – маман кадрларды таярлаў, илим ҳәм инновацияны раўажландырыў.

Бас министрдиң кеңесгөйи Б.Исломов елимизде 1 миллиард 200 миллион тонна темир рудасының резервлери бар екенин атап өтти.

Жаңа кәнлерде, соның ишинде, Қараөзектеги «Тебинбулақ» кәнинде алып барылып атырған жумыслар ҳаққында есабат берди.

Екинши мәселе ҳаққында сөз болар екен, тараўдағы кәрханаларды раўажландырыў ҳәм олардың тийкарында санаат кластерлерин шөлкемлестириў зәрүрлиги  атап өтилди.

Президент аймақлардағы бундай кәрханалардың басшылары менен сөйлести. Олардың импорт етилетуғын металл шийки заты ҳәм Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын үскенелерди бажыхана бажысынан азат етиў, сырт елли маман қәнегелердиң елимизде жумыс ислеўи ушын жеңиллетилген виза бериў усынысларын көрип шығыўға  жуўапкерлерге көрсетпе берди.

Үшинши бағдар бойынша, келеси жылы  500 миллион долларлық өнимлерди жергиликлилестириў ўазыйпасы қойылды. Жуўапкерлер бул бойынша 204 жойбардың усынысы ислеп шығылғанын мәлим етти. Бул бағдарды қоллап-қуўатлаў мақсетинде жергиликлилестирилген жаңа өнимлер мәмлекетлик кәрханалар тәрепинен кепилликли сатып алыныўы белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы тараўда билимлендириў ҳәм илимди раўажландырыў ушын «Өзметкомбинат»та Металлургия илимий орайын шөлкемлестириў, Геология университетинде қара металлар илимий лабораториясы, Наўайы кәншилик ҳәм Ташкент техника унверситетлериниң жанында технопарклер ашыў усынысын билдирди. Сондай-ақ, абырайлы сырт ел компаниялары ҳәм инжиниринг орайларында жас қәнигелердиң маманлығын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде ўәлаят ҳәкимлери, кән-металлургия комбинатларының жәмәәти, исбилерменлер ҳәм сырт елли шериклер де қатнасты.

Шавкат Мирзиёев Бекабад қаласына сапары даўамында «Металлург» футбол клубы жанындағы «El Golazo» футбол академиясында да болды.

Бул мектеп Испанияның  белгили «Реал Мадрид» клубы фондының жәрдеминде шөлкемлестирилген болып, өткен жылы октябрьде жумыс баслаған. Тәбийғый ҳәм жасалма стадионлар, фитнес залы, оқыў имаратлары ҳәм жатақханада заманагөй шараятлар жаратылған. Оқыў-шынығыўлары «Реал Мадрид» футбол клубының дәстүрлерине сай алып барылады. Тренерлердиң үшеўи испаниялы.

Бүгинги күнде академияда 200 ден аслам оқыўшы билим алмақта. Бул жерде оқыўды қәлейтуғын жаслар көп. Сонлықтан 11 жастан 17 жасқа шекемги балалар таңлаў тийкарында қабылланады. Жақында 48 қәбилетли тәрбияланыўшы Испанияда шеберлигин арттырып келди.

Мәмлекетимиз басшысы академияда жаратылған шараятларды көзден өткерди, балалар менен сөйлести.

– Усындай заманагөй шараятларда оқып атырғаныңызды, жанып турған көзлериңизди көрип, қуўандым, -деди Президент. – Келешекте сизлерден белгили футболистлер, чемпионлар жетисип шығыўына исенемен. Ең әҳмийетлиси, саламат болып өсесиз, перзентлериңизди де спортқа қызықтырып тәрбиялайсыз. Мақсетимиз – жаслар арасында әне усындай орталықты қәлиплестириў.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге усы футбол мектебиниң тәжирийбесин ен жайдырыў бойынша көрсетпе берди.

Бекабадлы нураныйлар, сектор басшыары, ҳәким жәрдемшилери, жаслар жетекшилери ҳәм ҳаял-қызлар белсендилери менен қызғын сәўбетлести. Жаңа «мәҳәлле кесиминде ислеў» системасын  енгизиў, исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, пуқаралардың машқалаларын шешиў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикир алысылды.

Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Бекабад қаласына сапары жуўамақланды.

Зиёдулла Жәнибеков,

Икрам Аввалбаев,

ӨзАның хабаршылары