Қарақалпақстан көркем өнер сарайында Нөкис қаласынан социаллық-экономикалық жақтан қоллап-қуўатлаўға мүтәж, «Жаслар дәптери»не киргизилген 1 мың 584 жасқа бир мәртелик жәрдем пулын тапсырыўға бағышланған илаж болып өтти.

Атап өтилгениндей, Нөкис қаласы жасларының социаллық-экономикалық машқалалары, усыныс ҳәм тилеклерин үйрениў ҳәм оларды шешиў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Жаслар ислери агентлигиниң жуўаплы хызметкерлеринен ибарат жумысшы топар 4 секторға бириктирилди. Топар ағзалары орынлардағы жаслар жетекшилери менен биргеликте 64 мәкан пуқаралар жыйынында үйме-үй хатлаў жумысларын алып барып, 14-30 жастағы 74 мың 683 жастың балансы толық қәлиплестирилди.

Жаслар балансы тийкарында анықланған ҳәр он бесинши жумыссыз ҳәм социаллық қорғаўға мүтәж болған 4 мың 820 пуқараға 19 көмек түри бойынша, соннан 1 мың 584 социаллық қорғаўға мүтәж жасқа бир мәртелик жәрдем пулын ажыратыў бағдары бойынша «Жаслар дәптери» электрон платформасына киргизилди.

Илажда Жаслар ислери агентлиги директорының орынбасары Ф.Аблаяров агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы П.Мақсетбаевқа Нөкис қаласынан «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын ажыратылған 1 миллиард 900 миллион 800 мың сумлық ваучерди тапсырды.

Сондай-ақ, жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бөлим баслығы Н.Маратов тәрепинен «Жаслар дәптери»не киргизилген жаслар ушын берилетуғын жәрдемниң түрлери, қәниге А.Өтепбергенова тәрепинен мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелеринде жасларға кәсип-өнер үйретиў бойынша презентация өткерилди.

Илаж соңында акционерлик-коммерциялық Халық банкиниң Қарақалпақстан Республикасы филиалының хызметкерлери тәрепинен жасларға бир мәртелик жәрдем пулы тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги