«Қоңырат сода заводы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети қоспа кәрханасында ислеп атырған жас қәнигелердиң билимин жетилистириў ҳәм олардың жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын барлық шараят жаратылған.

Бурын хабар еткенимиздей, усы жылдың июль айында кәрханадан 30 жас қәниге ҳәм усы жерде ислеп атырған 4 хызметкердиң перзенти  Д.И.Менделеев атындағы Россия химия-технология университетиниң Ташкент қаласындағы филиалына ҳүжжет тапсырып, тест сынақларында қатнасып қайтқан еди. Соннан 6 жас қәниге ҳәм усы жерде ислеп атырған 1 хызметкердиң перзенти жоқары оқыў орнының студенти болыў бахтына миясар болды.

Шәртнама тийкарында оқыйтуғын жаслардың шәртнама пуллары кәрхана ҳәм кәсиплик аўқам тәрепинен төлеп берилип, питкергеннен кейин жаслардың өз қәнигелеги бойынша жумыс ислеўге шараят жаратып бериледи

Парўаз БАШЕРОВА,

«Қоңырат сода заводы» ЖШЖ қоспа кәрханасының хызметкери.

Қарақалпақстан хабар агентлиги