Cоңғы жылларда билимлендириў тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Усы бағдарда Президент ҳәм Ҳүкимет қарарлары ҳәм пәрманлары қабыл етилип, соның ишинде, оқыўшылардың тәлимтәрбиясы менен тиккелей шуғылланатуғын педагог кадрлардың билимин жетилистириў, олардың өз жумысына жаңаша көзқарас пенен қарап, оқыўшыларды оқытыўдың жаңа заманагөй методларынан пайдаланыўы ушын бир қатар нызамшылық ҳүжжетлери қабыл етилди.

Тийисли қарар ҳәм пәрманларға муўапық, үзликсиз кәсиплик раўажландырыў жолға қойылып, педагог кадрлардың билими, жаңа оқытыў методикалары менен танысып барыўы ҳәр жылы әмелге асырылатуғын болды.

Биз Қарақалпақстан Республикасы  педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының директоры Бекмурза Диланов пенен сәўбетлесип, қызықтырған сораўларымызға жуўап алдық.

Бекмурза Гүлимбетович, үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың мақсети не? Не ушын педагоглар бурынғыдай 4-5 жылда емес, ал ҳәр жылы бир мәрте кәсиплик билимин арттырыўы, жаңа методикалар менен танысыўы керек болып қалды?

– Үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың мақсети – хызметкерлердиң ийелеп турған лаўазымлары, қәнигелиги ямаса сабақ беретуғын пәнлери бойынша кәсиплик ҳәм педагогикалық шеберлигиниң турақлы түрде өсип барыўын, олардың алдыңғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялар, сондай-ақ, оқытыўдың интерактив усыллары бойынша кәсиплик билимлери, көнликпелери менен уқыплылығының турақлы жаңаланып барылыўын тәмийинлеў, оларды мәмлекетлик билимлендириў стандартлары, талаплары ҳәм тараўға тийисли нызамшылықлар менен турақлы таныстырып барыўдан ибарат.

Себеби, техника ҳәм технологиялардың жеделлик пенен раўажланып атырғанлығы, педагоглардың жасларға сапалы билим ҳәм тәрбия бериўдиң заманагөй усылларынан пайдаланыўы зәрүрлиги келип шығып атырғанлығы, олардың үзликсиз түрде жаңа методикалар менен танысып барыўы шәрт екенлигин заманның өзи талап етип турыпты.

Быйыл 17-январьда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Халық билимлендириў хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў тәртиби ҳаққындағы Режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы арнаўлы қарары қабыл етилди.

Реже тийкарынан халық билимлендириўи хызметкерлерин үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын шөлкемлестириў, олардағы кәсиплик шеберлик ҳәм маманлық дәрежесиниң турақлы өсиўи ушын зәрүр шараятлар жаратыў, заманагөй талапларға муўапық қайта таярлаў ҳәм турақлы түрде педагогикалық шеберлигин арттырып барыўдың нәтийжели механизмлерин енгизиў тийкарында хызметкерлерди жоқары дәрежедеги үзликсиз кәсиплик тәмийинлеўге бағдарланған.

Хызметкерлердиң турақлы кәсиплик раўажланыўы ушын кең имканиятлар жарататуғын тәлим орталығын жаратыў; өз бетинше пикирлеў көнликпелерин сиңдириў ҳәм хызметкерлердиң қәбилетин раўажландырыў, жаңа билимлер бериў арқалы өз үстинде өз бетинше ислеў ҳәм креатив пикирлеў көнликпелерин раўажландырыў, хызметкерлердиң индивидуал кәсиплик раўажланыў траекториясы тийкарында компетентлик дәрежесин арттырыў ҳәм кәсиплик шеберлигин жетилистириў, алдынғы педагогикалық ҳәм мәлимлеме технологиялары менен ислесиў бойынша әмелий көнликпелерди қәлиплестириў, улыўма орта билим бериўдиң сапасын арттырыўдың тийкарғы дәреги сыпатында хызметкерлердиң кәсиплик раўажланыўын, интакерлигин, илимий-изертлеўлерге умтылысын ҳәм дөретиўшилик шеберлигин хошаметлеў – үзликсиз кәсиплик раўажландырыўдың тийкарғы ўазыйпалары болып табылады.

  • Азғана ўақыттың ишинде тараўда үлкен өзгерислер әмелге асырылып, бурынғыға қарағанда орайдың структурасы ҳәм ўазыйпаларында да бир қатар жаңаланыўлар көзге тасланбақта. Өзгерислердиң нәтийжелери қандай?

– Үшинши Ренессанстың тийкарын жаратыўда улыўма билим бериў мектеплериниң тутқан орны айрықша екенлигин Президентимиз Ш.Мирзиеёв өз баянатларында, шығып сөйлеўлеринде айрықша атап өтеди.

Быйыл 28-январь ҳәм 5-апрель сәнелеринде Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында халық билимлендириў тараўының машқалаларына бағышланған видеоселектор мәжилислери өткерилди. Бул мәжилислерде мектеплерде оқытыў методикасының ескиргенлиги, оны заман талаплары тийкарында жаңалаў зәрүрлиги әҳмийетли мәселе сыпатында көтерилди. Бул билдирилген қатаң сын пикирлер, усыныслар Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайларына үлкен ўазыйпалар жүклейди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 11-майдағы «2022-2026-жылларда халық билимлендириўин раўажландырыў бойынша миллий бағдарламаны тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Халық билимлендириў хызметкерлерин қайта таярлаў ҳәм олардың қәнигелигин арттырыў аймақлық орайлары Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайларына айландырылды. Қысқаша атамасы Педагогикалық орай деп аталады.

Қарақалпақстан Республикасы педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайы өз жумысын Өзбекстан Республикасы Конституциясы ҳәм нызамлары, Олий Мажлис палаталарының қарарлары, Президент пәрманлары, қарарлары ҳәм бийликлери, Министрлер Кабинетиниң қарарлары, Халық билимлендириў министрлигиниң буйрықлары ҳәм басқа да нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер, сондай-ақ, өз уставы тийкарында алып барады.

Педагогикалық орайдың мақсети – тәлим-тәрбия процесин мәмлекетлик билимлендириў талапларына муўапық жоқары илимий-методикалық дәрежеде тәмийинлеў, сондай-ақ, оқытыўдың интерактив усыллары бойынша кәсиплик ҳәм педагогикалық шеберликти турақлы түрде раўажландырыўға көмеклесиў ушын зәрүр болған кәсиплик билим ҳәм көнликпелерди үзликсиз жаңалап барыў, тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириўдиң жаңа принциплери ҳәм заманагөй усылларын енгизиў, педагогларды жаңа методикаларға үйретиўди және де жетилистириў, оларда устазлық көнликпелерин қәлиплестириў, уқыплылық талаплары, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер менен таныстырып барыў есапланады.

– Орайдағы профессор-оқытыўшылар ушын шараятлар жаратыў, олардың илимий потенциалын жоқарылатыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Педагогикалық орайда ҳәзирги күнде тийкарғы штатта 45, еки жумысты қатар ислеў тийкарында 8, саат есабы менен ҳақы төлеў тийкарында профессор-оқытыўшы жумыс алып барады. Тийкарғы штатта ислеўшилерден 1 илим докторы, 10 илим кандидатлары болып, илимий потенциал орташа 24,4 процентке тең.

Бүгинги күнде педагогикалық орайда тийкарғы штаттағылардан 12 профессор-оқытыўшы еркин излениўши тийкарында илимий-изертлеў жумыслары менен шуғылланбақта. Олардан биреўи докторлық (DSc) диссертациясы, он бири философия докторы (PhD) диссертациялары бойынша жумыс алып бармақта.

2022-жылдың 6 айы даўамында 3 еркин излениўшимиздиң диссертация жумысларының темалары Жоқары аттестация комиссиясының Бюллетень журналында жәрияланды.2 профессор-оқытыўшымыз 2022-жылдың январь айынан баслап Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтына мақсетли қабыллаў есабынан таяныш докторантураға қабыл етилди.

Еркин излениўшилер тәрепинен өткен 2022-жылдың биринши ярым жылы даўамында илимий-изертлеў жумысларының нәтийжелери бойынша Жоқары аттестация комиссиясы дизимине киргизилген шет ел журналларында 7, республикалық журналларда 13 мақала, халықаралық илимий-әмелий конференция материалларында 11, республикалық илимий-әмелий конференция материалларында 12 мақала тезислери жәрияланды.

Сондай-ақ, илимий-педагогикалық потенциалды жоқарылатыў мақсетинде жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринен илимий дәрежели қәнигелер, атап айтқанда, Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтынан 3 илим кандидаты (философия докторы PhD) ҳәм басқа мәкемелерден 1 илим кандидаты оқыў процесине тартылды.

  • 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға тийисли мәмлекетлик бағдарламада нәзерде тутылған тапсырмалардың орынланыўы қалай болмақта?

– Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардан келип шыққан ҳалда педагогикалық орайдың Жол картасы ислеп шығылды ҳәм жыл даўамында әмелге асырылыўы тийис болған жумыслар белгилеп алынды.

Быйыл 2-февральда Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасының профессор-оқытыўшылары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерлеген  Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында»ғы пәрманының мазмуны ҳәм әҳмийетин профессор-оқытыўшыларға түсиндириў мақсетинде оқыў-семинары шөлкемлестирилди. Профессор-оқытыўшыларымыз орынларда усы мазмунда өткерилген ушырасыў, семинар ҳәм мәжилислерге қатнасып, баянатлар жасады.

Пәрманның мазмуны ҳәм әҳмийети үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курсларының лекция текстлери мазмунына сиңдирилди ҳәм тыңлаўшыларға жеткерип келинбекте.

Педагогикалық орай профессор-оқытыўшылары усы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында шөлкемлестирилген халықаралық ҳәм республикалық илимий-әмелий конференцияларда белсене қатнасып, усы жылдың өткен 6 айы даўамында халықаралық илимий-әмелий конференцияларда 26, республикалық илимий-әмелий конференцияларда 29 мақала тезислери конференция топламларында жарық көрди.

– Педагогикалық орайда тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў ҳәм билимлендириўдиң сапасы менен нәтийжелилигин арттырыў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылмақта?

– Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2022-жыл 18-январдағы арнаўлы буйрығы менен тастыйықланған таяныш оқыў-жобасы, үлги оқыў бағдарламаларына тийкарланып жумысшы оқыў реже ҳәм бағдарламалар, оқыў-тематикалық режелер, оқыў-методикалық комплекслер, лекция текстлери таярланды ҳәм Илимий методикалық кеңес тәрепинен тастыйықланып, пайдаланыўға усыныс етилди.

Педагогикалық орайда кафедралардың режелерине тийкарланып 6 ай даўамында профессор-оқытыўшылар тәрепинен тәлим-тәрбия процесин шөлкемлестириў ҳәм билимлендириўдиң сапасы менен нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде шет ел журналларында 13, ЖАК дизиминдеги журналларда 25 мақала, халықаралық илимий-әмелий конференцияларда 26, республика көлеминде өткерилген илимий-әмелий конференцияларда 29 мақала тезислери жәрияланды. 3 оқыў қолланба, 17 методикалық қолланба, 30 методикалық усыныслар таярланып, баспадан шығарылды.

Педагогикалық орайдың кафедралары тәрепинен улыўма орта билим бериў мектеплерине методикалық жәрдем бериў мақсетинде орайда ҳәм район(қала)ларда 57 оқыў-семинар ҳәм семинар-тренинглер шөлкемлестирилди. Атап айтқанда, Социаллық-экономикалық пәнлер методикасы кафедрасы 12, Педагогика, психология ҳәм тәлим технологиялары кафедрасы 8, Тиллерди оқытыў методикасы кафедрасы 14, Мектепке шекемги, баслаўыш ҳәм арнаўлы тәлим методикасы кафедрасы 13, Әмелий пәнлер ҳәм мектептен тысқары тәлим методикасы кафедрасы 4, Анық  ҳәм тәбийғый пәнлер методикасы кафедрасы тәрепинен 6 оқыў-семинарлары ҳәм семинар-тренинглер өткерди.

2021-2022-оқыў жылының январь-май айларында Педагогикалық орай кафедралары тәрепинен белгиленген кесте тийкарында район (қала)ларда методистлер ҳәм пән оқытыўшылары ушын оқыў-семинарлары өткерилди. Бул оқыў-семинарларда Өзбекстан Республикасы Республикасы Президентиниң 2021-жыл 25-январьдағы «Халық билимлендириў тараўындағы илимий-изертлеў жумысын қоллап-қуўатлаў ҳәм үзликсиз кәсиплик раўажландырыў системасын енгизиў илажлары ҳаққында»ғы қарарының әҳмийети, онда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы, бүгинги күнде мәмлекетимизде оқыўшыларды  PISA, PIRLS, TIMSS халықаралық бағдарламалар ҳәм изертлеўлердиң билимлендириў тараўына енгизилиўи, бул бағдарда исленип атырған жумыслар туўралы мағлыўматлар берилип, «үзликсиз кәсиплик тәлим» арнаўлы электрон платформасы ҳәм оның абзаллықлары, педагог хызметкерлердиң «өмир даўамында оқыў» принципиниң оқытыўшы ушын қолайлы тәреплери  атап өтилди ҳәм методикалық жәрдемлер көрсетилди.

  • Орайдағы мәлимлеме-ресурс орайында қолланбалар ҳәм китаплар жеткиликли ме?
  • Бүгинги күнде Педагогикалық орайдың Мәлимлеме-ресурс орайы фондында 15414 оқыў әдебиятлары бар. Солардан 12384 данасы көркем әдебиятлар, 3030 данасы методикалық қолланбалар есапланады.

Педагогикалық орайдың профессор-оқытыўшылары тәрепинен таярланған оқыў ҳәм методикалық қолланбалар қағаз және электрон вариантта мәлимлеме-ресурс орайына тапсырылған. Тыңлаўшылар бул материаллардан өзлериниң билимлерин жетилистириў ушын пайдаланып киятыр. Сондай-ақ, барлық пәнлер ҳәм класслар кесиминде мектеп сабақлықларының электрон вариантлары да мәлимлеме-ресурс орайы компьютерлерине жайластырылған.

Мәлимлеме-ресурс орайының китап фондын және де байытыў мақсетинде быйыл 6 айда 10 миллион сумлық китаплар сатып алынды.

  • Билимлендириў мәкемелерин маман қәнигелер менен тәмийинлеў және басшы, қәниге ҳәм педагог хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыўдың нәтийжелери қандай?
  • Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының 2022-жылдың өткен 6 айы ушын қәнигелигин арттырыў курслары режеси 30 бағдар бойынша 16800 тыңлаўшы етип белгиленген еди. Бирақ, айырым байрам күнлери хызметкерлердиң дем алыўларын ықшамластырыў мақсетинде қосымша дем алыс күнлериниң берилиўи есабынан шөлкемлестирилмей қалған қәнигелигин арттырыў курслары басқа ўақытларға көширилгенлиги себепли 6 айлық жоба 16005 тыңлаўшы етип қысқартырылды ҳәм 16190 тыңлаўшыға, 101,5 процентке орынланды.

Қайта таярлаў бойынша орайда быйыл январь айынан өзбек тили ҳәм әдебияты бағдары (58 тыңлаўшы), қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдары (29 тыңлаўшы), баслаўыш класс оқытыўшысы бағдары (25 тыңлаўшы), тәрбия пәни бағдары (29 тыңлаўшы) бойынша кәсиплик қайта таярлаў курслары шөлкемлестирилди. Быйыл 6-июньнен баслап педагогикалық хызмет көрсетиў ҳуқықын беретуғын педагогикалық қайта таярлаў (25 тыңлаўшы) курсы  шөлкемлестирилди.

Қайта таярлаў курсларында оқыў процесслери улыўма билим бериў мектеплериниң шереклик дем алыс ўақытларында шөлкемлестирилмекте.

  • 2022-2023-оқыў жылына қандай таярлықлар көрилмекте?
  • Үзликсиз кәсиплик раўажландырыў курслары белгиленген реже тийкарында оқытылады. Бул оқыўлар 22-август сәнесинен басланады.

Август айында өзбек тили бағдары бойынша 135, қарақалпақ тили бағдары бойынша 52, математика бағдары бойынша 30, информатика бағдары бойынша 23, баслаўыш тәлим бағдары бойынша 66 тыңлаўшы кәсиплик қайта таярлаў курсларын питкереди.

Қайта таярлаў курсларын және шөлкемлестириў мақсетинде район (қала)лық халық билимлендириў бөлимлери ҳәм республикалық халық билимлендириў бойсыныўындағы билимлендириў мәкемелеринен буйыртпалар ҳәм ҳүжжетлер қабыл етилиўи даўам етпекте. Солардан, кәсиплик қайта таярлаў курсларына Биология пәни оқытыўшысы бағдарына 13, Тарийх пәни оқытыўшысы бағдарына 19, Технология пәни оқытыўшысы бағдарына 16, Математика пәни оқытыўшысы бағдарына 12, Химия пәни оқытыўшысы бағдарына 9, Өзбек тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы бағдарына 12, Физика пәни оқытыўшысы бағдарына 3, Инглис тили пәни оқытыўшысы бағдарына 3, Баслаўыш класс оқытыўшысы бағдарына 3, Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты бағдарына 4, География оқытыўшысы бағдарына 3, Мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары бағдарына 2, Улыўма билим бериў мектеплери психология бағдарына 3, Информатика пәни оқытыўшысы бағдарына 4, Рус тили (миллий классларда) пәни оқытыўшысы бағдарына 3 талабан өз ҳүжжетлерин тапсырды.

Педагогикалық қайта таярлаў курсларына жәми 190 талабанның ҳүжжетлери қабыл етилип, үйренилип шығылды.

Топарларда талабанлардың саны 25 ке толғанда қайта таярлаў курсларының шөлкемлестирилиўи режелестирилмекте. Усы курслар есабынан аймақлық орайдың есап бетине бюджеттен тысқары дәрамат түсириў жумыслары да өз ўақтында орынланып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Педагогларды жаңа методикаларға үйретиў миллий орайының жумысларын жетилистириў  бойынша мақсетли бағдарламада анық ҳәм тәбийий пәнлер бойынша сырт еллерден маман қәнигелерди тартыў, орай жанында сырт елли қәнигелер, улыўма орта, орта арнаўлы, профессионал  ҳәм жоқары оқыў орынлары ҳәм орайдың қәнигели хызметкерлеринен ибарат тренерлер топарларын қәлиплестириў белгилеп алынды.

Сондай-ақ, тренерлерден қуралған топарлар менен биргеликте орынларға шыққан ҳалда улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде педагоглар ушын заманагөй методикаларға тийкарланған көшпели оқыў сабақлары ҳәм семинар-тренинглер өткериў, ҳәр қыйлы бирге ислесиў жойбарлары шеңберинде аймақта хызмет көрсетип атырған қәнигелерден нәтийжели пайдаланыў, орайдың рәсмий сайты ҳәм социаллық тармақлардағы рәсмий каналларының жумысын жетилистириў, педагог кадрларды қәнигелик категориясын алыўы ушын аттестация процеслерине таярлаў бойынша мақсетли курсларды шөлкемлестириў, миллий оқыў бағдарламасында енгизилип атырған жаңа методикалар бойынша оқытыўшылардың қәнигелигин арттырыў ушын арнаўлы видеосабақлар таярлаў, педагогика орайының жуўапкер болған қәнигелик арттырыў бағдарлары (қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, қарақалпақ тили (мәмлекетлик тил), түркмен тили ҳәм әдебияты) бойынша барлық компетенциялар негизинде видеосабақлар таярлаў белгилеп алынды.

Педагогика орайы хызметин жетилистириў, орайдың илимий потенциалын  арттырыў, орайда билимлендириўдиң сапасын арттырыў – орайдың 2023-жылға шекемги мақсетли көрсеткишлеринде әҳмийетли ўазыйпалар сыпатында белгиленген.

Сәўбетлескен:

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги