Бүгин исбилерменлик субъектлери экономикамыздың ҳәм реформаларымыздың таянышы, локомотиви есапланады. Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыўдан басланған мәмлекетлик көлемдеги ҳәрекетлер бүгин өзиниң унамлы нәтийжесин берип, үлкен бизнес ҳәм сыртқы саўда байланысларына қарай исенимли қәдем тасланбақта.

20-август «Исбилерменлер күни» қарсаңында орынларда исбилерменлик субъектлери менен ушырасыўлар шөлкемлестирилип, олардың машқалары ҳәм усыныслары үйренилмекте.

Республикамыз аймағында жумыс алып барыўшы сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларының экспорт-импорт операцияларын әмелге асырыўда бажыхана рәсмийлестирилиўи ҳәм қадағалаў бағдарында  ушырасып атырған машқалаларды унамлы шешиў, елимиздиң инвестициялық тартымлылығын арттырыў, исбилерменлик субъектлериниң бәсекилес өним ислеп шығарыўы ушын жаратылып атырған имканиятларды кеңейтиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының орынбасары, бажыхана хызметиниң полковниги  Нодир Мусамухамедов Нөкис қаласында болып, исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Ашық пикирлесиў тәризинде өткен дөгерек сәўбетинде исбилерменлердиң машқалалары, өз жумысын алып барыўдағы тосқынлықлар, сондай-ақ, нызамшылық ҳүжжетлерин жетилистириў бойынша усыныслары тыңланды.

Бүгин исбилерменлик субъетлерин қоллап-қуўатлаў мақсетинде қабыл етилген нызамшылық ҳүжжетлери тийкарында усы жылдың дәслепки жети айы даўамында бажыхана төлемлеринен  Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы тәрепинен сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына 220,5 миллиард сум (2021-жылдың есабат дәўиринде 120,5 миллиард сум) муғдарындағы бажыхана төлеминен жеңиллик ҳәм преперенция қолланылған болып, өткен жылға салыстырғанда берилген жеңилликлердиң муғдары дерлик 100 миллиард сумға яки 83 процентке өскен. Сондай-ақ, усы дәўирде 13 мәкемеге 47,5 миллиард сум муғдарындағы бажыхана төлемлерин кешиктирип төлеўге рухсат берилди.

«Milako Nukus» жуўапкершилиги шекленген жәмийети  ўәкили сүт өнимлериниң импорты менен шуғылланыўы ҳәм товарды өзиниң қоймаханасына орналастырыўда нызамшылық ҳүжжетлеринде талап етилип атырған бажыхана төлемлери тәмийнаты сыртқы экономикалық жумыс қатнасыўшысының жумысын әмелге асырыўында тосқынлық етип атырғанлығынан мүрәжат етти.

Мәмлекетлик бажыхана комитети баслығының орынбасары Нодир Мусамухамедов тәрепинен «ўәкилликли экономикалық оператор» түсинигине тоқталып өтип, бул системаның абзаллықлары ҳәм жеңилликлери, сондай-ақ, «ўәкилликли экономикалық оператор» реестрине киргизилген исбилерменлик субъектлери бажыхана төлемлери тәмийнатын әмелге асырмастан товарларды өзлерине тийисли қоймаханаларға бажыхана қадағалаўының астында жайластырыўы мүмкинлиги бойынша толық түсиник берилди.

Илаж соңында исбилерменлик субъектлериниң машқалалары ҳәм мәселелери бажыхана уйымлары ўәкиллиги шеңберинде унамлы шешимин тапты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы