Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 3-бәнтине, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине және «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 70-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
Қарар етеди:
- Бахтияр Джахангирович Исламов судяьлық лаўазымында болыўдың мүддетсиз дәўирине, бес жыл мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы лаўазымына сайлансын.
- Усы қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Т.Нарбаева
Ташкент қаласы,
2022-жыл 10-август