Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының қарары
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 80-статьясы 3-бәнтине, «Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамы 9-статьясы биринши бөлиминиң 3-бәнтине ҳәм «Судлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 79-статьясына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты
Қарар етеди:
- Судьялық ўәкиллиги мүддетинен алдын тамамланып, Козимджан Фазилович Камилов Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығы лаўазымынан босатылсын.
- Бул қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.
Өзбекстан Республикасы
Олий Мажлиси Сенатының
Баслығы Т.Нарбаева
Ташкент қаласы,
2022-жыл 10-август