10-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отызыншы жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат ағзалары, суд ҳәм прокуратура уйымларының ўәкиллери ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Дәслеп, сенаторлар Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен киргизилген Өзбекстан Республикасы Жоқары суды баслығының ўәкиллигин мүддетинен бурын тоқтатыў ҳаққындағы усынысты додалады.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы К.Камилов денсаўлығы себепли өз қәлеўи менен ийелеп турған лаўазымынан босатыўды сорап мүрәжат еткен. Сенат мәжилисте болып өткен додалаў нәтийжесинде оны Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы лаўазымынан босатыў ҳаққында қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усынылған Өзбекстан Республикасы Жоқары суды басшылығына талабан додаланды.

Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен суд системасында ҳәм ҳәкимшилик уйымларында басшы лаўазымларында көп жыллар даўамында жумыс ислеп келген Бахтиёр Джахангирович Исламов Өзбекстан Республикасы Жоқары судының баслығы етип сайланды.

Бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан кейин Өзбекстан Республикасы Конституциялық судының қурамына өзгерислер киргизиў мәселеси көрип шығылды.

Бизге белгили, «Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының Конституциялық Нызамы бойынша Конституциялық судтың судьялары белгиленген мүддетке сайланады.

Атап өтилгениндей, әмелдеги Конституциялық суд қурамының нызам менен белгиленген әмел етиў мүддети усы жылдың август айында жуўмақланады. Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен усынылған Конституциялық судтың жаңа қурамы Сенаттың жалпы мәжилисинде кеңнен додаланды.

Сенаторлар тәрепинен мақулланған Конституциялық суд судьялығына талабанлар бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди. Онда жаңадан сайланған қурам Конституциялық судтың әмелдеги қурамы өз жумысын жуўмақлағанынан кейин жумысқа кирисетуғыны белгиленди.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отызыншы жалпы мәжилиси жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети