Президент Шавкат Мирзиёев 10-август күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Пайтахтымыз Ташкент тарийхый көринисин сақлаған ҳалда жаңаланып, узақты ойлап дүзилген реже тийкарында избе-из раўажланып, заманагөй көриниске ийе болмақта. Саўлатлы имаратлар, илим дәргайлары, турақ жайлар, социаллық объектлер, жол ҳәм көпирлер, сулыў бағ ҳәм парклер қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Ташкент архитектура-қурылыс институтының жаңа имаратын барып көрди.

Президентимиз бул жерге 2020-жылы октябрьде келген, институт негизинде қурылыс кластерин шөлкемлестириў бойынша көрсетпелер берген еди. Буннан соң ажыратылған майдан кеңейтилип, жаңа жойбар ислеп шығылды.

Бәринен бурын, институт ушын еки 5 қабатлы оқыў корпусы, 8 қабатлы ҳәкимшилик имарат қурылды. Қурылыс материаллары бойынша илимий-изертлеў орайы, лабораториялар, спорт комплекси, жатақхана усы жерге жайластырылды. Сапар даўамында мәмлекетимиз басшысы усы дөретиўшилик жумыслар, билимлендириў дәргайының жумысы менен танысты.

Институтта 4 факультет ҳәм 23 кафедра бар. Бакалавриатта 22, магистратурада 25 қәнигелик бойынша билим берилмекте. Заман талапларынан келип шығып, «ақыллы» үйлер ҳәм қалалар инфраструктурасын жойбарлаў, мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик техникасы, имаратлардың жер силкиниўге шыдамлылығы сыяқлы бағдарлар бағдарламаға киргизилген.

Жаңа имаратлар пайдаланыўға тапсырылыўы менен тәлимниң қамтылыўы ҳәм сапасы артады. 2022-2023-оқыў жылы ушын 1 мың 600 дан аслам квота ажыратылған. Олар менен жәми студентлер саны 7 мың 500 ден артады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде студентлер, докторантлар ҳәм профессор-оқытыўшылар менен сәўбетлести.

– Биз қайсы тараўды реформалаўға кириссек, алдын мектеп жаратыўдан, кадрлар таярлаўдан баслап атырмыз. Бул институт та келешектеги дөретиўшилик жумысларына тийкар болады,-деди Шавкат Мирзиёев.

Соның ушын оқыў бағдарламалары заман менен теңдей қәдем басыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

– Бүгин қурылыс тараўы мәмлекетимиз экономикасындағы «драйвер»лерден бири. Ҳәмме жерде қурылыслар болып атыр, ҳәр қыйлы материаллар ислеп шығарылып атыр. Бирақ бес жылдан кейин бүгинги билим азлық етеди. Соның ушын бәрқулла изленисте болыўыңыз, өзиңизге инвестиция тартыўыңыз керек. Бул инвестиция не? Кәсипти толық ийелеў, тил үйрениў, ислеп, тәжирийбе жыйнаў,-деди Президент.

Сөйлесиўде студентлер институтта жаратылған шараятлар ҳаққында айтып берди, мақсетлери ҳәм усынысларын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы олардың усынысларын қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге көрсетпелер берди. Студентлердиң әмелиятын жойбарлаў институтлары ҳәм қурылыс компанияларында шөлкемлестириў, илимий жумысларға буйыртпалар қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы 6-июль күни қурылыс ҳәм қала қурылысы бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде Президент кадрлар таярлаў мәселесине айрықша тоқтап, тараўдағы жоқары билимлендириў мәкемелерин трансформациялаў, оларға академиялық ҳәм финанслық еркинлик бериў зәрүр екенлигин айтқан еди.

Соған муўапық, институттың шөлкемлестириў-басқарыў системасын реформалаў басланған. Оны инженерлик, архитектура, қурылыс ҳәм қурылыс материаллары технологиялары, санлы қурылыс бағдарларына қәнигелестириў мөлшерленген. Быйылдан «Санлы Университет» системасын енгизиў, келеси оқыў жылынан баслап, кириў имтиханларын халықаралық стандартлар тийкарында жылына еки мәрте өткериў режелестирилген.

Президентимиз ғалаба хабар қураллары ўәкиллери менен де сәўбетлести.

Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Юнусабад районындағы Сабырабад мәҳәллесине барды.

Бул жерде 10 мыңға шамалас халық жасайды. Мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы нәтийжесинде социаллық әҳмийетли мәселелер шешилмекте. Көп қабатлы турақ жайлардың көриниси жаңаланды, жоллары, коммуникация тармақлары оңланды.

Мәҳәлле аймағынан өтетуғын Жоқары Қарақамыш каналы әтирапы алдын қараўсыз, тасландық орын еди. Енди абаданластырылып, сулыў бағқа айландырылды. Пиядалар ушын көпирлер, балалар ойын ҳәм спорт майданшалары, велосипед жолы, фонтан қурылды. Отырғышлар, шахмат столы, карусель орнатылды. Тереклер егилип, газонлар төселди. Канал әтирапындағы аймақта 300 метр узынлықтағы путақлар орнатылып, жүзимлер егилди.

Мәмлекетимиз басшысы бул шараятларды көзден өткерди. Мәҳәлле белсендилери, нураныйлар менен сәўбетлести.

– Ҳәзир мәҳәлле белсендилери үлкен команда болды. Баслықтың жанында орынбасарлары, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, профилактика инспекторы бар. Болғанда да, айлығы, шараяты, ўәкиллиги менен бар. Енди сондай мүнәсибетке жуўап ретинде жуўапкершилик те болыўы керек. Жәмийеттеги өзгерислерде мәҳәлле интакер, халыққа ийинлес болыўы керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Сабырабад мәҳәллесиниң өсиў ноқаты-исбилерменлик. Бул жерде онлаған субъектлер – өндирис кәрханалары, турмыслық хызмет көрсетиў шақапшалары, жеке меншик клиникалар, азық-аўқат дүканлары жумыс алып бармақта. Бундай жумыслар басқа мәҳәллелерде де жолға қойылған.

Бул жерде Бас министрдиң орынбасарлары мәҳәлле белсендилери алдында Юнусабад районына қанша инвестиция тартылатуғыны, қанша жумыс орны жаратылатуғыны бойынша мәлимлеме берди.

Мәмлекетимиз басшысы Яшнабад районында шөлкемлестирилген ипотека орайын да барып көрди.

Халықты турақ жай менен тәмийинлеў ҳәмийше әҳмийетли мәселе. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик сектор тәрепинен көплеген турақ жайлардың қурылып атырғаны буған имканият жаратпақта. Оларды сатып алыў ушын жәрдемлесиў мақсетинде ипотека кредитлери берилмекте. Бирақ бул бағдардағы имканиятлар менен тәртиплерден ҳәмме де хабардар емес.

Мәселен, усы жылы ипотека кредитлери ушын коммерциялық банклерге бюджеттен 13 триллион сум ажыратылыўы нәзерде тутылған. Бирақ алты айда халыққа бул қаржылардың тек ғана 30 проценти берилген.

Соның ушын Президентимиз 6-июль күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде бул бойынша бюрократияны азайтыў, халыққа комплексли хызмет көрсететуғын ипотека орайларын шөлкемлестириў зәрүр екенлигин айтқан еди.

Биринши сондай орай пайтахтымызда жумыс баслады. Бул жерде ипотека базарындағы усыныслар улыўмаласқан ҳәм ашық-айдын система жолға қойылған. Келиўшилерге Ташкент қаласында қурылып атырған турақ жайлар, оларға хызмет көрсететуғын банклер, ипотека кредитлериниң шәртлери ҳаққында толық мағлыўматлар бериледи. Алды-сатты, гиреў ҳәм ипотека кредити шәртнамаларын рәсмийлестириў тәртиби, турақ жайға болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў мәселелеринде де жәрдем бериледи. Ең әҳмийетлиси, барлық хызметлер бир жерде көрсетиледи.

-Халқымыздың турмысын жақсылаў ушын қанша қарарлар шығып, қолайлықлар жаратылып атыр. Бирақ көпшилик буннан толық хабардар емес. Билгенлер де қайжерге барыўды билмей, сергиздан болады. Бул орай жай алыўды қәлегенлерге комплексли хызмет көрсетип, аўырын жеңил етеди. Енди орайдың электрон платформаларын раўажландырып, адамларға және де қолайлық жаратыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы мыңлаған адамлар қыйтақ жер ушын ипотекадан пайдалана алмай атырғанына итибар қаратып, жуўапкерлерге бул бойынша көрсетпелер берди.

-Қыйтақ жер ипотекасын енгизиў керек. Қыйтақ жер ипотекасы бул халық ипотекасы болады,-деди Президент.

Орайда қурылыс ҳәм девелопер компаниялар өз офислерин шөлкемлестирген. Сатып алыўшылар ушын барлық шараятлар жаратылған.

Ташкент ипотека орайы ҳәммеге – жер участкаларын сатып алыўды қәлеген исбилерменлерге, девелоперлик компанияларына және ипотека кредити тийкарында квартира сатып алыўды қәлеген физикалық тәреплерге жүдә пайдалы платформаға айланады. Бундай жойбарлардың қоллап-қуўатланыўы болса тараўдағы көплеген мәселелердиң шешилиўине тийкар болады.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары