Орынларда техникумларды жақсы баҳаларға тамамлаған жасларды сәўбетлесиў тийкарында оқыўға қабыллаў басланды.

Кеше бир күн даўамында техникумларды табыслы тамамлаған питкериўшилерди Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информациялық технологиялар университети Нөкис филиалына 2022-2023-оқыў жылының бакалавриат тәлим бағдарына сәўбетлесиў тийкарында оқыўға қабыллаў процеси болып өтти.

Сәўбетлесиў процесиниң ашық-айдын ҳәм әдалатлы өтиўин тәмийинлеў мақсетинде  техникумлардың питкериўшилери ҳәм олардың ата-аналары ушын арнаўлы ханалар ажыратылып,  сәўбетлесиўге келген абитуриентлердиң сынақтан өтиўин онлайн тәризде бақлап барыў имканияты жаратылды.

Бир күн даўамында 16 абитуриент сәўбетлесиўден өтти.

– Мен Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық институты жанындағы Хожели хызмет көрсетиў ҳәм сервис техникумында еки жыл оқып, оны жоқары баҳаларға питкергенлигим себепли Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының бакалавриат тәлим бағдарына онлайн тәризде дизимнен өткен едим,-дейди Ҳүрлиман Султамуратова. – Ҳәзир ғана сәўбетлесиўден шықтым. Алдағы нийетим өзим таңлаған компьютер инжиниринги бағдары бойынша оқыўға кирип, келешекте Президентимиздиң биз жасларға жаратып берген имканиятларынан утымлы пайдаланып кәсибимниң маманы болып жетилисиў нийетиндемен.

Жуўапларымыз әдил баҳаланады, деген ойдамыз.

– Быйыл тапсырып атырған абитуриентлердиң сәўбетлесиўден өтиўин тиккелей бақлап отырмыз,-дейди ата-аналардың бири. – Бул ушын барлық шараятлар жаратылған екен. Ким қалай тапсырып атыр, қандай сораўлар берилип атыр, бәрин бақлап отырмыз. Балалардың қалай жуўап бергенлерин де көрдик.

Мағлыўмат ушын, республикамыздағы техникумларды табыслы тамамлаған питкериўшилердиң Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы ТИТУ Нөкис филиалының бакалавриат тәлим бағдарына сәўбетлесиў тийкарында оқыўға қабыллаўдағы сәўбетлесиў сәнелери ҳәм ўақытлары мәлим етилген.

Абитуриентлерди сәўбетлесиўден өткериў даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги