Халықаралық раўажланыў ассоциациясы тәрепинен «Арал теңизи әтирапында климат өзгерислерине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў бағдарламасы» атамасындағы жойбардың Карақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты бойынша аймақлық координаторы Рахат Ғаниев пенен сәўбет.
Хабарымыз бар, сиз бираз ўақытлардан берли сырт еллердеги ҳәрқыйлы шөлкемлер менен биргеликте жумыс алып барып атырсыз. Бир қатар жойбарлардың әмелге асырылыўында қатнасқансыз. Жаңадан баслап атырған бул жойбардың тийкарғы мақсети не?
– «Арал теңизи бассейнинде климат өзгериўине бейимлесиў ҳәм оның ақыбетлерин жумсартыў бағдарламасы» Президентимиздиң 2017-жыл 16-февралдағы 2784-санлы Қарары ҳәмде Жәҳән банки менен дүзилген «Финанслық келисим» тийкарында әмелге асырылып келмекте. Ҳәзирги күнде Жасыл климат фонды (зеленый климатический фонд) есабынан грант қаржылары ажратылып атыр. Жойбардың көлеми Аралбойы аймақларын өз ишине қамтып, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Наўайы ўәлаятларында әмелге асырылып атыр. Жойбар 2 жылга мөлшерленген болып, Қарақалпақстан Республикасы көлеминде 1-этапта 5 район көлеминде (Мойнақ, Қоңырат, Шымбай, Бозатаў, Тахтакөпир) пилот тәризинде жумыс алып барылады. Әлбетте, бул грант қаржыларының ажыратылыўынан мақсет-ҳәзирги күнде жер жүзиндеги климаттың глобал өзгериўи, бизди қоршап турған орталықтың түрли компонентлерине өзиниң унамсыз тәсирин көрсетип атырған бир ўақытта жойбар шеңберинде сол өзгерислерге бейимлесиў, оның унамсыз тәсирлериниң алдын алыў, ең шетки аўыллық жерлерде орта ҳәм кем тәмийинленген шаңарақлар, дийханлар, қыйтақ жер ийелери, бенефициар аймақларда суў, жер, жайлаў киби ресурслардан пайдаланыўшылардың грант бериў арқалы экономикалық жағдайын көтериў, олардың жасаў шараятын жақсылаў болып табылады.
Жойбар тийкарында ажыратылыўы күтилип атырған бул қаржыға қандай жумысларды әмелге асырыў мүмкин? Аўыл хожалығының қайсы бағдарларында жумыс алып барыўға болады?
Суб-грант қаржылары төмендеги бағдарлар бойынша бериледи.
– Кем қәрежетли ыссыханаларды жаратыў;
– Нәл жетистириўди қоллап-қуўатлаў;
– Бағлар ҳәм жүзим бағларын жаратыў;
– Энергия тежеўши үскенелер менен тәмийинлеў;
– Қурғақшылыққа ҳәм шорланыўға шыдамлы нәллерди ҳәм егинлерди егиў;
– Зыянкеслер ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиў;
– Тамшылап суўғарыў системасын енгизиў;
– Бенефициар аймақларда суўғарыў системасын жақсылаў.
Жойбардың әмелге асырылыўында қайсы аймақлар таңлап алынған ҳәм не ушын сол районлар таңланған?
Жойбардын Аралбойындағы аймақлары, яғный Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы, Бухара ўәлаятларының жойбар көлемине кириўинде негиз бар, себеби Арал теңизиниң ултанынан көтерилетуғын дузлы шаң-тозаңлардың биринши гезекте усы аймақлардағы аўыл хожалық жерлерине, соның менен бир қатарда халықтың саламатлығына унамсыз тәсири экспертлеримиз тәрепинен есапқа алынғанын айрықша атап өтиўим тийис.
Сиз жоқарыда атап өткениңиздей, суб-грантлардың берилиўинен мақсет – республикамыздың ең шетки аймақларында жасаўшы халықтың, социаллық ҳәм экологиялық жағдайы төмен болған шаңарақлардың турмысын жақсылаўдан ибарат. Жойбарда олар ислеўи мүмкин болған бағдарлар ҳаққында айтып өттиңиз. Әйне усы жөнелислерди таңлап алыныўына не зат түртки болған? Жойбарды басламастан алдын сол аймақлар толық үйренилдиме?
Әлбетте жойбар шеңберинде бир-неше экспертлер қатнасында консультациялық топарлар барлық аймақларды көзден өткерген болып, Қарақалпақстан көлеминде жоқарыда атап өтилген 5 районлар географиялық жайласыўына бола, аўыл хожалығындағы егислик майданларының халық санына пропорциясы, қалаберди сол аймақлардағы кейинги жыллардағы статистикалық мағлыўматлар негизинде пилот сыпатында басланып атыр.
Суб-грант алыў тәртип ҳәм қағыйдалары ҳаққында толық мағлыўмат берип өтсеңиз.
Суб-грант алыўдан тәртибине келетуғын болсақ, биринши гезекте халықтың орта ҳәм кем тәмийинленген бөлегинен ибарат дийқанлар, шаңарақлар өзара биригип өзиниң есап бети болған кооперация (ямаса ЖШЖ) дүзиўи керек болады, кейин сол бенефициар аймақлардағы ҳәкимият тәрепинен дүзилген «Баҳалаў комиссиясы»на керекли болған ҳүжжетлер топламын усыныўы тийис.
Комиссия тәрепинен суб-жойбар ҳүжжетлери белгиленген критериялар тийкарында көрип шығылады ҳәм де таңлап алынған суб-жойбар хүжжетлери
Жәҳән банкине көрип шығыў ушын жибериледи, соң Жәҳән банки тәрепинен мақулланған суб-жойбарлар, оларда көзде тутылған товар ҳәм хызметлер қаржыландырыў басланады;
Суб-грант алыў ушын пуқарадан қандай ҳүжжетлер талап етиледи?
- Суб-грант қәрежетлерин алыў мақсетинде бенефициардың «Баҳалаў комиссиясы»на арзасы;
- Ҳүжжет тапсырыўшы уйымның аты ҳәм мәнзили, соның менен бирге бенефициарлардың аты-жөни ҳәм саны, дизими
- Юридикалық статусы, соның менен бирге район ҳәкиминиң жер участкасын, имаратын бенефициарға бериў ҳаққындағы қарары, мәмлекетлик дизимнен өткерилгенлиги туўрысындағы гуўалық, бенефициар атына жер кадастры ҳүжжетлери рәсмийлестирилгенлиги ҳаққында ҳүжжет;
- Мәкеме ҳәм оның жумысы (деятельность) туўралы мағлыўмат;
- Бенефициардың усы саладағы тәжрийбеси ҳаққындағы қысқаша мағлыўмат;
- Суб-жойбардың аймақлық жайласыў мәнзили;
- Төмендеги факторларды өз ишине алған бизнес – жоба:
- Жуўапкершилиги хаққында қысқаша мағлыўматқа ийе болған қәнигелер дизими, саны (ер ҳәм хаяллар);
- Суб-жойбар, оның улыўма муғдары 10% тен кем болмаған муғдарда бенефициардың үлесин қураўы талап етиледи;
- Суб-жойбардың келеси 3 жыл ишинде пул қаржылары айланбасы соның менен бирге дәраматын анықлаў (товарлар/хызметлер ҳәм т б.) ҳәм маркетинг (жергиликли/экспорт ҳәм т б.) прогнозлары;
- Экологиялық экспертиза (қоршаған орталыққа тәсири ҳаққындағы арза (ЗВОЗ));
- Суб-жойбардың тийкарланыўы ҳәм тәрийпи, соның менен бирге ҳақыйқаттағы жергиликли жағдай ҳәм суб-жойбардың оның раўажланыўына тәсири;
- Суб-грант қаржылары есабынан әмелге асырылған суб-жойбарды, әмелге асырыў мүддети жуўмақланғаннан соң оның турақлылығын дәлиллеў;
- Бенефициардың кепиллик хаты.
Суб-грант алыўшыдан нелер талап етиледи? Сиз айтып атырған кооперация дүзиў әпиўайы пуқаралар ушын машқала туўдырмайды ма?
Мен ойлайман ҳәзирги күнде кооперация, ЖШЖ киби юридикалық статусқа ийе болған шөлкемлерди ашыў машқала туўдырмайды деп ойлайман, себеби мәмлекетимиз пуқаралардың сарсан-сергизден болыўының алдын алыў ушын көплеп жеңилликлер жаратылған, мысалы ушын Мәмлекетлик хызметлер орайларына мүрәжат етсе болады. Қалаберсе, айтып өтилген бенефициар аймақлардағы шөлкемлестирилген «Баҳалаў комиссия» ағзаларына мүрәжат етип те мәсләҳәтлар алыўлары мүмкин.
Буннан күтилип атырған нәтийже қандай?
Бенефициарлардың глобал климат өзгериўи шараятына бейимлесиў, кем тәмийинленген пуқараларымыздың хожалық турмысы ҳәм экономикалық жағдайын жақсылаў.
- Сәўбетиниңиз ушын рахмет!
Сәўбетлескен: Қундыз Жумағалиева,
журналист.
Қарақалпақстан хабар агентлиги