Өзбекстан пуқарасы басқа мәмлекеттиң әскерий ямаса қәўипсизлик хызметкерине жалланғаны ушын Жынаят Кодексине муўапық 5 жылға шекем қамақ жазасы нәзерде тутылған. Бул тәсир етпейтуғын шара, деп жазады Алишер Қодиров.

Оның атап өтиўинше, бундай шахслардың жалланыў рәсмийлестирилген күннен баслап пуқаралығын бийкарлаў ҳәм Өзбекстанға кириўи пүткиллей қадаған етилиўи керек.

«Нызамға тийисли өзгерислер киргизиў мәселесинде мәсләҳәтлесиўлерди басладық», деп атап өтеди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы спикериниң орынбасары.

Еслетип өтемиз, күни кеше Пермьдеги өзбек диаспорасының басшысы ўатанласларды Украинадағы қураллы урысқа тартып атырған видеосы тарқалған еди. Сыртқы мийнет миграциясы Россияда жумыс ислеп атырған пуқараларымызды ескертти.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының Россиядағы елшиханасы ўатанласларды сырт мәмлекетлер аймағында кеўилли батальонлар дүзиўге ямаса әскерий ҳәрекетлерге қатнаспаўын ескертип шықты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги