Кеше Түркияныӊ Коня қаласында V Ислам бирлиги ойынларыныӊ ашылыў мәресими болып өтти.
Онда қарақалпақстанлы жас спортшы, қылышласыў бойынша жаслар арасында жәҳән чемпионатыныӊ жеӊимпазы Зайнаб Дайыбекова, таэквандо бойынша Олимпиада чемпионы Улуғбек Рашитов пенен биргеликте Өзбекстанлы спортшылар делегациясын байрақшы сыпатында стадионға баслап шықты.
Дүнья жүзиниӊ 55 тен аслам мәмлекет спортшылары қатнасып атырған бул жарыс 5-август күни старт алған еди ҳәм бүгинги күнге шекем 130 медал өз ийелерине тапсырылды.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, ҳәзирги ўақытқа шекем Өзбекстан Республикасы спортшылары 3 алтын, 2 гүмис ҳәм 6 қола медалларын қолға киргизип, улыўма командалық есапта 4-орынды ийелеп келмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы