2022-жыл 8-август күни жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат тәлим бағдарларына кириў ушын өткерилген тест сынағының нәтийжелери жәрияланды.
8-август күни тест сынақларында қатнасқан абитуриентлер өз нәтийжелерин 4 усылда билиўи мүмкин:
http://my.dtm.uz сайтының «Нәтийжени алыў» бөлиминен паспорт сериясы ҳәм номери менен жеке идентификация номерин киргизген ҳалда.
http://mandat.dtm.uz сайты арқалы абитуриент дизимге алыў бети ямаса абитуриент рухсатнамасында көрсетилген абитуриенттиң ID номерин киргизген ҳалда.
Мәмлекетлик тест орайының төмендеги телеграмм ботларына абитуриентти дизимге алыў бети ямаса абитуриент рухсатнамасында көрсетилген абитуриенттиң ID номерин жиберген ҳалда:
– @e_dtm_mandatbot
– @e_dtm_mandat1bot
– @e_dtm_mandat2bot
-@e_dtm_mandat3bot
-@e_dtm_mandat4bot
Абитуриент рухсатнамасының төменги бөлегиндеги QR-код (нәтийжени көриў ушын силтеме)ты сканерлеген ҳалда.
Қарақалпақстан хабар агентлиги