Ҳиндстанныӊ Ченнай қаласында даўам етип атырған 44-пүткил жер жүзилик шахмат Олимпиадасы өз жуўмағына жетти.
Кеше чемпионаттыӊ 10-тур ойынлары өткерилип, онда шахматшыларымыз еӊ күшли есапланған Ҳиндстан-2 командасы менен 2-2 есабында ойнаўға миясар болды.
Ал, бүгин болса, Өзбекстан сайланды командасыныӊ жигитлери чемпионаттыӊ 6-орнында киятырған Нидерландия сайланды командасы менен өз-ара ақылый беллесиўлер өткерди.
Қызғын болып өткен бул беллесиўлерде Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 2,5:1,5 есабында жеӊиске еристи ҳәм өз тарийхында биринши мәрте Олимпиада чемпионына айланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы