Мәмлекетлик қабыллаў комиссиясының қарары менен Экономика тармақларында кеминде бес жыл мийнет стажына ийе болған пуқараларды сыртқы ҳәм кешки билимлендириў түрине сәўбетлесиў нәтийжелерине бола дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында оқыўға қабыллаў ушын усыныс бериў ҳуқықына ийе болған министрлик, уйым ҳәм ири бирлеспелердиң дизими тастыйықланды.
Дизимде келтирилген шөлкемлердиң усыныс хатына ийе болған талабанлар 2022-жыл 8-августтан 22-августқа шекем (сол күни де) Мәмлекетлик тест орайының арнаўлы электрон системасы арқалы онлайн дизимге алынады.
Әмелдеги тәртипке бола 5 жыл мийнет стажына ийе болған ҳәм усы шөлкемлерден усыныс етилгенлер ЖООға сәўбетлесиў тийкарында қабыл етиледи.
Дизимдеги 86 шөлкемлер тәрепинен 100 талабанға шекем усыныс бериледи.
Сәўбетлесиў август айының ақырында шөлкемлестириледи.
Нәтийжелерге қарай, 100 баллық баҳалаў нормасында 55 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған абитуриентлер ЖОО ректоры (директоры)ның буйрығы менен дифференцияластырылған төлемли-контракт тийкарында студентликке усынылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги