12-17-июль күнлери Қазақстан Республикасыныӊ Қостанай қаласында Орал ҳәм Қорған Айтеновлардыӊ естелигине бағышланған жаслар арасында XXII халықаралық жарыс болып өтти.
Онда Олим Муҳаммедов басшылығында табыслы қатнасқан Өзбекстан Республикасы сайланды командасы ағзалары 14 медалды қолға киргизиўге миясар болды. Қуўанышлы тәрепи сонда бул жас боксшилеримиз арасында қарақалпақстанлы Сухраб Аминов ҳәм Айназар Кеӊесбаевлар да қатнасып, алтын ҳәм гүмис медал менен сыйлықланыўға еристи.
Атап айтқанда, 63,5 кг салмақта Сухраб Аминов барлық қарсыласларын жеӊип шыққан болса, 92 кг салмақта қатнасқан және бир жас боксшимиз Айназар Кеӊесбаев финаллық ушырасыўда қазақстанлы боксшиге жеӊилип қалып, гүмис медал менен шеклениўге мәжбүр болды.
Бул спортшыларды жарысқа тәжирийбели тренер Рашид Сейтов таярлады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы