Бүгин UzAuto Motors автомобиль базарын керекли муғдардағи автомобильлер менен толықтырыý ушын барлық ис-ҳәрекетлерди әмелге асырып атыр. Усы жылдың март-апрель айларында өндирис көлемин арттыý ушын қосымша 4 200 дана автомобиль ислеп шығарыý ушын ҳаýа жоллары арқалы 656 тонна керекли әсбап-үскенелер алып келинди. Бул көрсеткиш санларда хәм нәтийжелерде өз көринисин таппақта. Ҳәр күни конвейерлерден 1 000 нан аслам автомобиль ислеп шығарылып, завод толық қуýýатлылық пенен ислемекте. Шынында да, компания 2022- жылдың бес айында өткен жылғы көрсеткишлерди артта қалдырды.
Анық мағлыýматларға тоқтап өтетуғын болсақ, 2022- жылдың январь-май айларында, UzAuto Motors заводында 126 246 автомобиль ислеп шығарылды. Бул көрсеткиш 2021- жылға қарағанда 47 процентке көбирек. Солай етип, өткен жылға карағанда өндирис көлеминиң өсиýи 40 452 дaна автомобильди пайда етеди.
Хәзирги ýaқытта, компания қолдан келгенше көплеý автомобиль ислеп шығарыý хәм оларды қысқа ýaқыт ишинде жеткерип бериý ушын барлық иләжларды көрип атыр. Тийкарынан, логистика шынжырларын оптималлаcтырыý Корея Республикасынан керекли аýысык бөлеклерди жеткерип бериý ýақтын 45 күннен 38 күнге шекем қысқартыý имканиятын берди, Қытайдан жүклерди темир жолдан автомобильге өткериý болса транзитти 55 күннен 20 күнге қысқартады. Сондай-ақ, 30 дан аслам жетиспей атырған аýысык бөлеклерди жеткерип бериýшилер менен бирге келисимге ерисилди. Алып барылған илажлар нәтийжесинде Lacetti хәм Дамас автомобильлери ушын керекли аýысық бөлеклерди жеткерип бериý көлеми 6 000 данадан 8 000 данаға шекем арттырылды. Нәтийжеде, Асака заводында Lacetti/Cobalt автомобильлерин ислеп шығарыý айына 19 200, Хорезм заводында болса Дамас/Лабо автомобильлерин ислеп шиғарыý 9 000 данаға жеткерилди.
Жоқарыдағы мысаллардан көринип турғанындай, ҳәр бир автомобиль ислеп шығарыýшы компания ярым өткизгишлер жетиспеýшилиги машқаласын шешиýге хәрекет етпекте. Айрым компаниялар өндиристи тоқтатыýға қарар етсе, айрымлары автомобильди белгили бир буйымларсыз ислеп шығарыýға мәжбүр болып атыр .
Мийуагул Турсынбаева,
ҚМУ Интернет журналистикасы тәлим бағдары 3-курс студенти
Қарақалпақстан хабар агентлиги