Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты баслығының орынбасары Мурат Камалов 1955-жыл 24-июньда Нөкисте туўылған.
Мурат Камалов Жоқары мағлыўматқа ийе ҳуқықтаныўшы сыпатында көп жыллар жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған.
Атап айтқанда, Өзбекстан Илимлер академиясында киши илимий хызметкер, «Консул» шөлкеминиң бас инженери, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы «Қарақалпақинторг» сырт мәмлекетлер менен бирге ислесиў ассоциациясының Ташкенттеги ўәкилханасының директоры болып жумыс ислеген.
Сондай-ақ, М.Камалов «Ҳуқықый бизнес ҳәм консалтинг агентлиги» адвокатлық бьюросында консультант лаўазымында жумыс ислеген, 2018-2020-жылларда Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң Қарақалпақстан бойынша басқармасы баслығы лаўазымында жумыс алып барған. 2020-жыл 7-августта Өзбекстан президенти жанындағы Аралбойы халықаралық инновациялық орайының баслығы етип тайынланған.
Мурат Камалов 2020-жыл сентябрь айында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты, 2-октябрь күни Жоқарғы Кеңестиң мәмлекетимиз басшысының қатнасыўында өткен гезексиз сегизинши сессиясында Жоқарғы Кеңестиң Баслығы етип сайланған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги