Кеше футбол бойынша елимизде болып атырған U-23 Азия кубоги жарысларыныӊ ярым финал ойынлары болып өтти.
Олардыӊ биринде Өзбекстан сайланды командасы япониялы футболшылар менен ушырасты. Оғада қызықлы болып өткен ойынныӊ 60-минутында Жасурбек Жалолиддиновтиӊ Япония дәрўазасына узақтан жоллаған соққысы голға айланып, футбол жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.
Бирақ, бул есап Өзбекстан сайланды командасы ушын исенимсизлеў еди. Сонлықтан командамыз ағзалары тез-тезден ҳүжимлерге өтип турды ҳәм ойынныӊ тийкарғы ўақтыныӊ тамамланыўына еки минут қалғанда Хусайн Норчаев тәрепинен Япония дәрўазасына жолланған гол Темур Кападзе шәкиртлериниӊ толық жеӊисин тәмийинледи.
Екинши ярым финалда болса, Саудия Арабстаны Австралия үстинен 2:0 есабында жеӊиске еристи.
Енди 19-июнь күни Өзбекстан финалда Саудия Арабстаны менен Азия чемпионлығы ушын гүрес алып барады.
Адилбай Оразов,
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы