Хабарыңыз бар, 2-30-июнь күнлери Өзбекстан бойлап «Жаңа Өзбекстан жаслары, бирлесейик!» сүрени астында жаслар айлығы өткерилмекте. Айлық даўамында «мәҳәлле-сектор-район-аймақ-республика» дәрежесинде жаслар фестивальлары, форум, таңлаў ҳәм спорт жарыслары шөлкемлестирилиўи режелестирилген.

Бул илажлар жасларды бир мақсет ҳәм идея астында бирлестириўге, бос ўақытларын мазмунлы өткериўге хызмет етип, илажларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалардың мазмун-мәниси, әҳмийети туўралы мағлыўматлар берилип барылады.

Июнь айы – жаслар айлығы мүнәсибети менен Нөкис қаласындағы «Узынкөл» мәкан пуқаралар жыйынында да мәҳәлледеги жаслар жетекшисиниң шөлкемлестириўинде мәҳәлле жасларының бос ўақытларын мазмунлы өткериў мақсетинде спорттың киши футбол түри бойынша жарыс өткерилди.

 

Мәҳәлледеги көшелерден дүзилген жаслар футбол ойнап, ўақытларын мазмунлы өткериў менен бирге, бир-бири менен сәўбетлесип, алдағы режелери, тәжирийбелери ҳаққында пикир алысты.

М.Қасымова,

ҚМУ журналистика бағдарының 3-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги