Америка Қурама Штатлары 12-июньнен баслап мәмлекетке ҳаўа жолы арқалы кирип келиўши жолаўшылар ушын мәжбүрий коронавирус тестин бийкарлайды.
«Associated Press» агентлигиниң мағлыўматына бола, Жозеф Байден ҳәкимшилиги халықаралық сахатшылар АҚШқа пәрўаз етиўден бир күн алдын COVID-19 ушын ПШР-тестин өткериў талабын бийкарлады.
«Бул қәдем COVID-19ға қарсы гүресиўде ерискен жетискенликлеримиз себепли әмелге асырылды», деди АҚШ денсаўлықты сақлаў министри Ксавье Бесерра.
Соның менен бирге, АҚШ рәсмийлери пандемия жағдайын бақлаўда даўам ететуғынын ҳәм егер жағдай өзгерсе, ПШР сынағы зәрүрлигин қайта көрип шығатуғынын билдирди.
ӨзА