Буннан алдын пляж гүреси бойынша 2005-2006-жыллары туўылған өспиримлер ҳәм қызлар арасында Өзбекстан чемпионаты өткерилип атырғаны ҳаққында хабарлаған едик.

Бул чемпионатта республикамыз палўанлары да мүнәсип түрде қатнасып, олар арасында 63 кг салмақта Азада Медетбаева 1-орынды,  +70 кг салмақта Нилуфар Медетбаева 2-орынды, 90 кг салмақта Надир Мадрахимов, +90 кг салмақта Руслан Ерниязовлар 3-орынды ийелеп, шөлкемлестириўшилер тәрепинен медаль ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

―Гүрес федарациясыныӊ тийкарғы қәўендерлеринен бири Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы, Республика Спортты раўажландырыў министрликлериниӊ қоллап-қуўатлаўы ҳәм Берик ҳәм Сапар Жүсипбеков, Нөкисбай Данияров, Ш.Бийимбетов, С.Нуратдинов, Е. Жамғырбаев сыяқлы тәжирийбели тренерлеримиздиӊ тынымсыз мийнетлериниӊ арқасында жас палўанларымыз усындай жақсы нәтийжелерди қолға киргизди,-дейди командамыз тренерлеринен бири Жамшид Турабаев.―Алдағы ўақытлары өзлеримизге билдирилген исенимди  толық ақлаў ушын, шәкиртлеримиз бенен бар күш-ғайратымызды жумсаймыз.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы