Кеше футбол бойынша Европаныӊ бир қатар еллеринде Миллетлер лигасыныӊ 3-турынан орын алған бир қатар ойынлар болып өтти.

Усы ойынлардыӊ биринде Роналду жетекшилигиндеги Португалия өз майданында Чехияны қабыллап, 2-0 есабында жеӊиске еристи. Ушырасыўда Жоуа Канселу ҳәм Гонсалу Гедеш гол урыўға еристи.

Ал, Испания сайланды командасы болса, Пабло Сарабияныӊ Швейцария дәрўазасына урған жалғыз голы есабынан  3 упайлы болды.

Сербиялы футболшылар Швецияны жеӊген болса, Норвегия Словения, Гибралтар Болгария ойынлары теӊбе-теӊ нәтийже менен жуўмақланды. Арқа македониялы футболшылар Грузияға, Кипр Грецияға 3-0 есабында жеӊилип қалды. Косово сайланды командасы болса, Арқа Ирландияны 3-2, Эстония Мальтаны 2-1 есабында утып, 3 упайды қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги шолыӯшысы