Ҳәтте тас дәўиринде де жасы үлкенлер жаслардан кеўиллери толмаған  екен деседи. Расында да, ҳәзирги базы бир жасларымызға не болып баратыр? Батыстың бизге мақул келмес мәдениятына еликлеўлер, өзлерин көз-көз қылыўға болған урыныўлар. Бир-еки кишигирим таңлаўларға қатнасып өзлеринен “жулдыз” жасап алғанларына не дейсиз? Мейли, бир келип кететуғын мына дүньяда бир жасап қалсын деп өзимизди жубатамыз. Оларды өз еркине қойып беремиз. Деген менен, бул еркеликлер ўақыт өтип шешип болмас машқалаларға айланып қалса не қылар екенбиз, бир аллаға аян.

Сонша имканиятлардан пайдалана алмай жүрген жасларымызды көрип, расы оларға реҳмим келеди. Ҳүрметли Президентимиз үшинши ренессансты жаслар менен биргеликте қурамыз деп атырған ўақытта, базы жасларымыздың ҳәрекетлерин көрип иш-ишимнен қыйналаман.

Өз ўақытында әл Хорезмий, ибн Сина, Беруний, Ферғанийлер жаратқан жаңалықларды биз әўладлар даўам еттириўимиз керек емес пе?. Ал, мектеплердеги болып атырған ўақыялады айтпасақ та болады.

Өткен жылы қайсы бир ўәлаятта мектептиң руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша директор орынбасары тәрепинен тәртипке шақырылған мектеп оқыўшысы өз туўысқанлары менен келип сол директор орынбасарын мектепке келип сабап кетиўи, я болмаса таярлыққа кеттим деп көшеде интернет ойынларына қул болып атырған оқыўшы жаслар, он сегиз жасқа толмай атырып ҳәмледар болып қалған өспирим қызлар…

Заман усыншама дәрежеде өзгерип кеткениме? Яқ-яқ заман өзгермеген, заман сол турысында тур. Тек ғана бизлер, биз адамлар өзгерип баратырмыз. Исенбесеңиз, өз-өзиңизден сорап көриң. Бир күнде қанша ўақытыңызды перзентлериңизге ажыратып атырсыз? Я болмаса перзентлериңиз төмен баҳа алса, қайсы бир муғаллимнен бақырыс еситсе, өзиңнен болмады ма? –деп сорап көрдиңиз бе? Әлбетте, яқ. Әне көрдиңиз бе, перзентлеримиз өзгериўине өзлеримиз себепшимиз. Себеби, оларды қатты еркелетип, талтайтып жибергенбиз. Не айтса да қулағымыз тыныш болсын дегендей, айтқанларын ҳеш бир ойлап көрместен орынлап атырмыз. Келешекте қандай адам болар екен демеймиз. Ҳүрметли ата-аналар! Ҳеш биримиз мәңгиликке турмаймыз, перзентлеримиз де азы-кем қыйыншылық көрсин, олар да мына пәраўан заман қәдирине жетип билсин. Ата-бабаларымыз басынан кеширген қыйыншылқларды өзлерине сабақ етип алсын. Мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып берилген имканиятлар қәдирине жете билсин. Оларды тежеп, тергеп, ислеп атырған ислери менен қызығып барайық. Себеби, бир сөз бенен айтқанда “Келешек жасларымыз қолында” екенлигин умытпайық.

Гүлбәҳәр Турдыбаева,

Хожели районы ХББ не қараслы 2-санлы мектептиң музыка мәденияты пәни муғаллими.