Мүнәсибет

Усы жыл 25-май күни Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Миромонович Мирзиёев тәрепинен «Этноспорт түрлерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы әҳмийетли қарарға қол қойылды.

Қарар менен этноспорт түрлерин 2025-жылға шекем ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў бағдарламасы ҳәм усы бағдарламаны 2022-2023-жылларда әмелге асырыў бойынша арнаўлы «жол картасы» тастыйықланды.

Оған бола 2023-жылдан баслап елимизде этноспорт түрлери бойынша үш басқышлы жарыслар, «Uzbekiston Ethno Games» республикалық фестивалы, Хийўа каласында ҳәр еки жылда бир мәрте «Халықаралық этноспорт фестивалы» ҳәм «Палўанлар династиясы» сыяқлы кең көлемдеги таңлаўларды шөлкемлестириў, сондай-ақ, миллий спорт түрлери менен халық ойынларын халықтың арасында кеңнен үгит нәсиятлаў бойынша бир қатар перспективалы ўазыйпалар белгиленди.

Бул қарар халқымыз ушын оғада әҳмийетли болып, ол елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемдеги руўхый-ағартыўшылық жумыслардың даўамлы көриниси болып табылады.

Атап айтқанда, ҳүжжет мазмуны халқымыздың бир нешше әсирлерден берли топлаған руўхый байлықларын, үрп-әдетлерин, миллий дәстүрлери менен ойынларын қайта тиклеў, улыўма инсаныйлық қәдириятларды жетилистирип, мазмунлы етип қайта байытыўға хызмет етеди.

Миллий спорт түрлерине «Миллий гүрес», «Шүллик», «Ләңки», «Атлар бәйгиси», «Ылақ ойын» ҳәм «Дәрўазлар ойыны» сыяқлы спорт түрлери менен халық ойынларын атап өтиўимиз мүмкин.

Қарардың және бир әҳмийетли тәрепи, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлерине бир ай мүддетте ҳәр бир район (қала)ның өзине тән өзгешелигинен келип шығып, халықтың пикир-усынысларын есапқа алған ҳалда, быйылғы жыл ушын миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын ғалаба ен жайдырыў ҳәм раўажландырыў, спорт жарысларын шөлкемлестириў бойынша аймақлық бағдарламаларды қабыл етиў, сондай-ақ, келешекте усындай бағдарламаларды ҳәр жылы
1-февральға шекем тастыйықлаў және орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы тапсырылды.

Өзбекстан көп миллетли мәмлекет. Онда туўысқан түркий халықлар менен бирге 130 ға шамалас миллет ўәкиллери аўызбиршиликли, татыў, бир шаңарақтың перзентлериндей жасап, Ўатананымыздың раўажланыўы ушын ҳәр бир тараўда дөретиўшилик мийнет етпекте.

Усы жерде Өзбекстан Республикасы қурамындағы өз суверенитетине ийе Қарақалпақстан Республикасы да айрықша орын ийелейди.

Қарақалпақ халқы өзиниң бай мәдений мийрасларына, әдебияты, мәденият ҳәм көркем өнерине, сондай-ақ, 100 томнан аслам фолькларына ийе. Солардың ишинде, этноспорт, миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынлары өзиниң рәңбәреңлиги ҳәм басқа халықларда сийрек гезлесиў өзгешелиги менен айрықша орын ийелейди.

Соның менен бирге, қарақалпақ миллий ойынлары өзиниң узақ тарийхына ийе. Мысалы, миллий спорт ойынларының бири «Қашарман топ»тың пайда болғанына мың жылдан аслам ўақыт болған.

Өткен жыллар даўамында белгили илимпазлар тәрепинен бул бағдарда бир қатар илимий жумыслар алып барылды. Олардан П.Шылманов, Д.Беласаров, К.Нурымбетов, К.Есемуратов ҳәм П.Серимбетов ҳәм басқаларды атап өтиў орынлы (2005-2007-жыллар, «Қарақалпақстан» баспасы).

Жоқарыда келтирилген илимпазлардың мийнетлерине сүйене отырып қарақалпақ халқының бир ғана ҳәрекетли ойынларының саны 50 ден аслам екениниң гүўасы боламыз. Олардың көпшилигин биз бала пайытымызда ойнағанбыз, ойын қағыйдаларын жақсы меңгергенбиз.

Келиң жақсысы олардың айырымларын бир есимизге саламыз:

«Қашарман топ», «Лабиринт», «Арпа-гүрре», «Алдымда не бар», «Тоқта», «Асық ойын», «Қол урмақ», «Аңшылар, үйреклер», «Аңғалақ», «Тартыспақ», «Ғазлар, Аққуўлар», «Топ ылақтырыў», «Ақ терек пе, көк терек», «Шағала», «Арқан тартысыў», «Өспиримлер ойыны», «Шүллик», «Ат үстинде найза ылақтырыў», «Ат үстинде оқ жай атыў», «Орамал таслаў», «Топты нышанға тийгизиў», «Шүй тасламақ», «Соқыр теке бақ-бақ» «Күн, түн», «Терек», «Жасырынбақ», «Тикпе таяқ ойыны», «Дүрре», «Сан шықырыў», «Маңлай шертпек», «Қоразлар урысы», «Арқадан секириў», «Бер-отыр», «Бос орын», «Қуўыспақ», «Индеги қасқыр», «Үки», «Түлкишек», «Ҳә түйелер», «Бес тас», «Ат ешек», «Ат шабар», «Ылақ ойыны», «Теппек», «Ләңки», «Ҳәкке қайда» ҳәм «Тийин» сыяқлы миллий спорт түрлери менен халық ойынлары усылардың қатарына киреди.

Усы жерде Ҳүкиметимиз ҳәм тийисли жуўапкерлер мине, усы бийбаҳа миллий спорт түрлери менен халқымыздың ески кәдриятларынан есапланған халық ойынларының мазмун-мәнисин есапқа алып, оларды тийислисинше спорт жарысларын шөлкемлестириў бойынша аймақлық бағдарламаларға киргизеди, деп исенемиз.

Тилекке қарсы, соңғы жылларда турмысымызға мәлимлеме технологияларының кеңнен кирип келиўи менен жокарыда атап өтилген миллий спорт түрлери менен халық ойынларының сәўлелениўи әдеўир дәрежеде сийреклести. Балалар көбинесе, миллий ойынлар менен емес, ал қол телефонлардағы, интернет тармақларындағы ойынлар менен бәнт болып қалды.

Дурыс, миллий спорт түрлерин хәм халық ойынларын кең ен жайдырыўға, улыўмахалықлық Наўрыз байрамы шеңбериндеги мәдений-руўхый илажларда жоқары итибар қаратылып келинбекте. Деген менен, бундағы тәсир күши онша сезилмей атырғаны бәримизге белгили.

Бул бағдарда халқымыз, әсиресе өсип киятырғын жас әўладларға тийисли кәнигелер менен биргеликте этноспорт, миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларын кеңнен үгит-нәсиятлаў бәримиздиң миннетли ўазыйпамыз болып табылады.

Бул мәселеде қарарда айрықша итибар қаратылған болып, тийисли министрликлер менен уйымларға үгит-нәсият бағдарында дүркин мақалалар таярлаў, телерадиоканаллар ҳәм интернет тармақларында арнаўлы көрсетиўлер, еситтириўлер ҳәм видеорликлер таярлап, турақлы жәриялап барыў, миллий спорт түрлери ҳәм халық ойынларының мазмун-мәниси ҳаққында китаплар, соның ишинде, «Миллий халық ойынлары» қолланба китабын баспадан шығарыў, қулласы, үгит нәсиятлаўдың буклет, баннер ҳәм флайер сыяқлы барлық түрлеринен кеңнен пайдаланыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Елимиздеги глобалласыў процесслеринен алып қарағанда Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен қабыл етилген бул қарар, миллий қәдириятларымызды қайта кеңнен сәўлелендириўдеги әҳмийетли баслама болып,  келешек әўладлардың физикалық хәм руўхый жақтан саламат инсанлар болып жетилисиўинде, оларды миллий  мийрасларымызға ҳүрмет ҳәм мақтаныш руўхында тәрбиялаўда, сондай-ақ, көп миллет ҳәм халықлардан ибарат мәмлекетимиздиң дүнья көлеминдеги абырай-мәртебесин артырыўда үлкен әҳмийетке ийе болатуғыны сөзсиз.

Чаржаў ЕЛМУРАТОВ

Журналист

Қарақалпақстан хабар агентлиги