Нөкис қаласындағы Опера ҳәм бақсышылық көркем өнерине қәнигелестирилген мектеп интернатында жас опера атқарыўшыларының «Жаслық бәҳәри» таңлаўы болып өтти.
Қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, талантларын жүзеге шығарыў, жәҳән көркем өнериниң дүрданасы болған опера көркем өнерин раўажландырыў сыяқлы көплеген ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлеген таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардан талантлы отызға шамалас жаслар қатнасты.
Таңлаў 14-17, 18-22, 23-30 жастағы талантлылар арасында өткерилди.
Таңлаў қатнасыўшылары сахна мәденияты, атқарыў шеберлиги бойынша үш жас категориясы бойынша тәжирийбели төрешилер қурамы тәрепинен баҳаланып барылды.
Таңлаў жеңимпазлары анықланып, Ҳислатжон Комилов Гран-при жеңимпазы болды.
Таңлаўда 14-17 жас категориясы бойынша Сафина Ахметшина биринши, Исломжон Тоштиллаев екинши, Насиба Асанова үшинши, 18-22 жас категориясы бойынша Жаҳонгир Орифжонов биринши, Моҳигүл Fайыпова екинши, Азимбай Қалбаев үшинши, 23-30 жас категориясы бойынша Маъмуржон Акбаров биринши, Лобар Ибрагимова екинши, Шермухан Сәрсенов үшинши орынды ийеледи.
Cыйлықлаў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлигиниң қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў бөлиминиң бас қәнигеси Нодир Содиқов, Өзбекстан халық артисти, профессор А.Раджабов, Өзбекстанда хызмет көрсеткен артист, Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясының доценти Руслан Гафаровлар сөзге шығып, өткерилген таңлаўдың әҳмийетине айрықша тоқтап өтип, елимизде жаңа талант ийелери жүзеге шығып атырғанлығын мақтаныш етти.
Жеңимпазларға Өзбекстан Республикасы Мәденият министрлиги тәрепинен таярланған диплом, статуэтка ҳәм баҳалы саўғалар тапсырылды. Сондай-ақ, таңлаўда белсене қатнасқанларға Әмет ҳәм Айымхан Шамуратова үй музейи тәрепинен пул сыйлықлары тапсырылды.
Илаж таңлаў жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшыларының атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Таңлаў жуўмағында қарақалпақстанлы жас талантлылар Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының студенти Моҳигул Гайыпова, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студентлери Шермухан Сәрсенов, Азимбай Қалбаев, Нөкис қәнигелестирилген мәденият мектеби оқыўшысы Насиба Асановалар жеңимпаз болды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги