Усы жылдың 15-25-июль күнлери Ташкент қаласында аўыр атлетика бойынша жас өспиримлер ҳәм жаслар арасында континент чемпионаты өткериледи.

Кеше Азия аўыр атлетика федерациясы усы чампионатқа континент мәмлекетлеринен қатнасатуғын спортшылар ҳаққында усынылатуғын дәслепки талапнамалар мүддетиниң жуўмақланғанын жәриялады.

Усынылған талапнамаларға бола, 25 мәмлекеттен 400 ден аслам қатнасыўшы ҳаққындағы мағлыўматлар жыйналған. Онда жаслар 250 ди, жас өспиримлер 200 ге шамаласты қураған.

Өзбекстан аўыр атлетика федерациясының мағлыўматына бола бул чемпионатта елимиздиң сайланды командасы 40 тан аслам спортшы менен қатнасыўы бойынша шөлкемлестириў комитетине усыныс хатын киргизген.

Сондай-ақ, кеше Азия чемпионатын өткериў шөлкемлестириў комитетиниң жарыс логотипин де жәриялады.

Т.Рўзиев,

ӨзА