Ҳәзирги күнлери Испанияның Барселона қаласында ЮНЕСКОның Пүткил жер жүзилик жоқары билимлендириў әнжуманы болып өтпекте.

Бул абырайлы әнжуманда Билимлендириўдиң сапасын қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы баслығы Улығбек Тошкенбоев басшылығындағы Өзбекстан делегациясы да қатнасып атыр.

3 күн даўамында өткерилетуғын илажлар күн тәртибинде жоқары билимлендириўде мобильликти раўажландырыў, тараўдағы глобал бирге ислесиўди жеделлестириў ҳәм халықаралық көп тәреплеме конвенцияларға қосылыў арқалы мобильликтеги ҳәр қыйлы тосқынлықларды алып таслаў сыяқлы мәселелер орын алған.

Онда Covid-19 пандемиясының жоқары билимлендириўге тәсири, турақлы раўажланыў мақсетлерин әмелге асырыўда жоқары билимлендириўдиң орны, жоқары билимлендириўдиң инклюзивлиги сыяқлы мәселелер де додаланды.

Мәлим етилиўинше, әнжуманда Өзбекстанда жоқары билимлендириўдиң сапасын тәмийинлеў ҳәм инсан капиталын раўажландырыў және жоқары билимлендириў тәжирийбелерин халықаралық дәрежеде тән алыныўын тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар бойынша презентация өткериледи.

Мағлыўмат ушын, бул халықаралық әнжуман ҳәр 10 жылда бир мәрте өткериледи. Бурынғы илажлар Парижде 1998 ҳәм 2009-жыллары шөлкемлестирилген.

Өзбекстан делегациясы сапар даўамында Барселона ҳәм Пампео Фабра университетлери, Барселонадағы миллий билимлендириў орайы ҳәм ЮНЕСКО офисиниң басшылары менен де ушырасып, сөйлесиўлер өткериўи күтилмекте.

ӨзА