Усы жыл 16-май сәнесинен баслап республикамызда пуқаралар жыйынларының баслықларын (ақсақалларын) сайлаў басланды.
Бул сайлаўларға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң 2022-жыл 16-март күнги «Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында»ғы қарарына муўапық пухта таярлықлар көрилип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2022-жыл 24-март күнги 639-санлы қарары қабыл етилип, илажлар режеси, пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын Қарақалпақстан Республикасында шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши Қарақалпақстан Республикасы комиссиясының қурамы тастыйықланды.
Район (қала) ҳәкимликлери менен биргеликте пуқаралар жыйынлары баслықларын сайлаўды өткериў ушын зәрүр муғдарда даўыс бериў кабиналары, қутылар ҳәм керекли әнжамлар менен тәмийинлеў илажлары көрилди.
«Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы нызамның мазмун-мәнисин мәҳәллелерде түсиндириў мақсетинде тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте халық арасында үгит-нәсият илажлары өткерилди.
Бүгинги күнде республикамызда 424 пуқаралар жыйынлары (соннан 14 ППЖ, 145 АПЖ, 265 МПЖ) болып, оларда жәми 1 миллион 961 мың 854 адам жасамақта. Олардағы 18 жастан асқан пуқаралардың саны 1 миллион 110 мың 978 адам. Сайлаў күни ҳәр бир пуқаралар жыйынларында жасайтуғын сайлаўда даўыс бериў ҳуқықына ийе халықтың он еки проценти сайлаўда қатнасып, ППЖ, АПЖ, МПЖ баслықларын сайлайды. Усындай ўәкиллердиң саны 133 мың 670 болып, орташа бир пуқаралар жыйынына туўра келетуғын ўәкиллер саны 315 ти қурайды.
Өткен бир күн даўамында республикамыздың қала ҳәм районларындағы 40 орында пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары)н сайлаў болып өтип, 39 пуқаралар жыйынларының баслықлары сайланды.
Сайлаўлар усы жыл 16-30-май күнлери өткерилиўи режелестирилген болып, усы сайлаўларда жәми 424 пуқаралар жыйынларының баслықлары (ақсақаллары) сайланыўы күтилмекте.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги