Шымбай районында бүгинги күни 12 МПЖ ҳәм 10 АПЖ болып, оларда 114 мыӊнан аслам халық тыныш-татыў жасамақта.

Республикамыздыӊ барлық аймақларында болғаны сыяқлы бүгинги күни Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў шөлкемлескенлик пенен баслап жиберилди.

Атап айтқанда, район орайындағы 8-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны баслығын сайлаў болып өтти.

Сайлаўда мәкан пуқаралар жыйыны баслығы лаўазымына бир неше жыллардан берли жыйын баслығы болып ислеп киятырған Фатима Маратовна Палванова ҳәм аймақта жасаўшы жас кадрлардыӊ бири Батыр Асенбаевич  Жолдасбаевтыӊ кандидатурасы қойылып, аймақ турғынлары тәрепинен мүнәсип деген талабанға даўыс берилди.

Сайлаў жуўмағына бола Палванова Фатима Маратовна 86,6 % даўыс пенен жеӊиске ерисип, «Бердақ» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы) лаўазымына тайынланды.

-Районымыз бойынша бул сайлаў мапазына пуқта таярлықлар көрилди,-дейди бизге Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша комиссиясы ағзасы Раўаж Утепбергенов.-Бүгинги сайлаўда да жыйын халқы белсендилик пенен қатнасты ҳәм өзлери қәлеген талабанға даўыс берди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы