Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң арнаўлы қарары тийкарында ҳәзирги күнлери республикамыздыӊ барлық қала ҳәм район аймақларында Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў шөлкемлескенлик пенен өтпекрилмекте.

Аймақларда өткерилген сайлаўлар, белгиленген сайлаў нызамшылығына муўапық алып барылып, аймақ халқы өзлерине мүнәсип талабанларды сайламақта.

Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күнге шекем Қараөзек районыныӊ төрт аўыл пуқаралар жыйынында ақсақал сайлаўы болып өтти.

Онда «Қойбақ» АПЖда Оразбай Сергазиев, «А. Досназаров» АПЖда Нийетбай Сапаров, «Қараөзек» АПЖда Жеткербай Атаниязов, «Есимөзек» АПЖда  Сүйеўбай Ещановлар қарсыласларынан көп даўыс топлап, аўыл пуқаралар жыйыны ақсақалы лаўазымына сайланды.

Болып өткен сайлаўлар жасырын даўыс бериў жолы менен өткерилип, аймақ турғынлары сайлаўға белсене қатнасты.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы