Мәмлекетимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў, сондай-ақ инвестиция процесин жеделлестириў  ҳәм улыўма исбилерменлик шараятын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураларды жедел  раўажландырыў ҳәм модернизациялаўға хызмет етпекте.

– Инвестиция орталығының жақсыланғанлығы, керекли шараятлардың жаратылғанлығы нәтийжесинде 2022-жылдың январь-март айларының жуўмағы менен Республиканың тийкарғы капиталын көбейтиўге 1628,3  млрд. сумнан аcлам инвестиция киргизилип, соннан сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлери 431,7 млрд. сумды ямаса 38,4 млн. АҚШ долларын қурады,-дейди Статистика басқармасының инвестиция ҳәм қурылыс статистикасы бөлими баслығы С.Муҳаматдинов.

Қарақалпақстан Республикасына тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 32,4 млрд. сумы электр, газ, пар менен тәмийинлеў ҳәм ҳаўаны кондициялаўға, 257,1 млрд. сумы қайта ислеў санаатына, 382,1 млрд. сумы таў-кән санааты ҳәм ашық кәнлерде ислеўге, 66,4 млрд. сумы қурылыс хызмет түрине, 230,7 млрд. сумы аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығына, 46,4 млрд. сумы көтере ҳәм усақлап сатыўға , 192,2 млрд. сумы тасыў ҳәм сақлаў хызмет түрлерине жумсалған.

Тийкарғы капиталға өзлестирилген инвестициялардың улыўма көлеминиң 1215,4 млрд. сумы, яғный 74,6 проценти өндирис тармағына, 412,9 млрд. сумы, яғный 25,4 проценти өндирислик емес тараўға бағдарланды.

Өндирислик емес тараўға киргизилген инвестициялардың көлеминен 239,5 млрд. cумы, яғный, 58,0 проценти турақ-жай қурылысына өзлестирилген. 2022- жылдың январь-март айларында улыўма майданы 200,2 мың кв.м. болған 1105 турақ жай питкерилип тапсырылып, соннан 130,3 мың кв.м. 688 турақ жай аўыллық жерлерге туўра келеди.

Улыўма билим бериў мектеплерин ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, реконструкциялаў жумысларына 1,0 млрд. сум әтирапында инвестициялар өзлестирилди.

Мәмлекетимизде халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў, әмелдеги өндиристи техникалық ҳәм технологиялық жақтан қайта үскенелеў,  стратегиялық әҳмийетке ийе болған тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестириў ҳәм ресурслардан дурыс пайдаланыў бағдарындағы жедел инвестициялық сиясатты алып барыў илажлары даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги