Усы жылдың 16-май күни саат 06:30 ларда 2000-жылы туўылған пуқара Ж.Ш. (қыз бала) танысы менен өз ара жәнжеллесип қалғанлығы себепли ашыў үстинде Нөкис қаласы аймағынан ағып өтетуғын «Дослық» («Қызкеткен») каналына өзин таслап, өз жанына қастыянлық етпекши болған ўақытта Айрықша жағдайлар басқармасының хызметкерлери тәрепинен ўақыя орнында қутқарып қалынған.

Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, усы жағдай бойынша Нөкис қалалық прокуратурасы тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта. Пуқараның өз жанына қастыянлық етиў себеплери үйренилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.