Сыртқы ислер министри ўазыйпасын атқарыўшы Владимир Норов басшылығындағы Өзбекстан Республикасының делегациясы 13-май күни Душанбе қаласында Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты.
Қазақстан Республикасы басшылығында өткерилген илажда Армения, Беларусь, Молдова, Әзербайжан, Қырғыз Республикасы, Россия, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыртқы ислер министрликлери, сондай-ақ, ҒМДА Атқарыў комитетиниң делегациялары да қатнасты.
Конференция қатнасыўшылары халықаралық күн тәртиби ҳәм Дослық Аўқамы шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери, сондай-ақ, ҒМДА мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары Кеңеслерине киргизилетуғын көп тәреплеме ҳүжжетлердиң жойбарларын көрип шықты.
ҒМДАға қатнасыўшы мәмлекетлер сыртқы сиясат уйымлары арасындағы шерикликти жеделлестириў бойынша Ҳәрекетлер бағдарламасы ҳәм сыртқы ислер министрликлери өз-ара мәсләҳәтлесиў режесиниң 2021-жылдағы орынланыўының нәтийжелери тастыйықланды.
Қабыл етилген қарарлардың арасында Өзбекстан ушын айрықша әҳмийетке ийе бир ҳүжжет – Самарқандтағы «Жипек жолы» халықаралық туризм университетине туризм тараўында ҒМДАның сүйениш шөлкеми статусын бериў ҳаққындағы қарар да бар.
Мәжилис даўамында Өзбекстан делегациясы тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылды. Соның ишинде, дүнья жүзинде жүз берип атырған ўақыялар ҳәм халықаралық қатнасықлардағы өгерислердиң жеделлесиўи Дослық Аўқамының жумысын заманагөй ўақыяға турақлы түрде сәйкеслестирип барыў зәрүрлигин әмелге асырғаны атап өтилди. Өзбекстанның 2020-жыл структураға басшылығы дәўиринде қабыл етилген Дослық Аўқамын және де раўажландырыў Концепциясы ҳәм ҒМДА экономикалық раўажланыў Стратегиясын әмелде орынлаў бойынша биргеликтеги ис-ҳәрекетин избе-из даўам еттириў усыныс етилди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Дослық Аўқамының саммитлеринде алға қойылған ҒМДА шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў потенциалын беккемлеў, саўда-экономикалық процессти либералластырыў, билимлендириў, илим, техника, денсаўлықты сақлаў, мәденият тараўларындағы байланысты кеңейтиў, пуқаралардың абаданлығын тәмийинлеў, халықтың турмыс дәрежесин көтериў, сондай-ақ, дәстүрий ҳәм жаңа шақырық, қәўип-қәтерлерге қарсы турыўға қаратылған басламаларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Бирге ислесиўшилер ҒМДА жумысы шеңбериндеги анық қәдемлерди кеңнен додалаў мақсетинде усы жылы Өзбекстанда өткерилетуғын санаат кооперациясы ҳәм регионлараралық бирге ислесиў, дөретиўшилик ҳәм илимий зыялылардың форумлары ҳәм Аўғанстан бойынша жоқары дәрежедеги халықаралық конференцияға мирәт етилди.
Мәжилис жуўмағында ҒМДА Сыртқы ислер министрлери Кеңесиниң гезектеги мәжилисин 2022-жыл 13-октябрьде Нур-Султан қаласында өткериў ҳаққындағы қарар қабыл етилди.
Ғайрат ХОННАЗАРОВ,
ӨзАның хабаршысы