Усы жылдың 14-май күни Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалынында «15-май — Халық аралық шаңарақ күни» мүнәсибети менен конференция болып өтти.
Онда «Кеўил нуры» Қарақалпақстан Республикасы Ҳаял-қызлар ҳәм оларды шаңарақта экономикалық ҳәм ҳуқықый жақтан қоллап-қуўатлаў шөлкеми баслығы З.Мотбопаева, филиал директорының оқыў ислери бойынша филиал орынбасары Б.Утемуратов, Жаслар менен ислесиў, руўхый-ағартыўшылық бөлими баслығы Б.Собиров ҳәм филиалдың студент-жаслары қатнасты.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 63-статьясында : «Шаңарақ жәмийеттиң тийкарғы буўыны және жәмийет ҳәм мәмлекет қарамағында болыў ҳуқықына ийе» екенлиги белгилеп қойылған.
Халық аралық шаңарақ күни БМШ Бас Ассамблеясының 1993-жыл 20-сентябрьдеги Халық аралық шаңарақ жылы ҳаққындағы резолюциясына муўапық 1994-жылдың 15-май айынан берли турақлы түрде кеңнен белгиленеди.
Конференцияда «Шаңарақты қалай сақлап қалыў керек?», «Шаңарақта бала тәрбиясы», «Ажырасыўлар не себептен келип шығып атыр?», «Шаңарақта ата-ананың орны» сыяқлы әхмийетли темаларда келген мийманлар ҳәм студентлер арасында қызғын сәўбет болды.
Конференция жуўмағында студент-жаслар өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўап алды. Бундай илажлардың өткерилип барылыўы жәмийетимизде жаслар тәрбиясында ҳәм өмиринде әҳмийетли орынды ийелейди.
Шахноза-Бану Абдуллаева,
ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика
факультетиниң 1-курс студенти
Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги