Жаслардың мәлимлеме тараўындағы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў мақсетинде ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Жаслар ҳәм бизнес системалары менен ислеў бөлими тәрепинен партияның белсенди жасларының қатнасыўында тиккелей ҳәм онлайн тәризинде «Пуқаралардың мәлимлеме алыў ҳәм тарқатыў еркинлиги ҳаққындағы ҳуқықларын және де беккемлеў» атамасында сәўбетлесиў шөлкемлестирилди.
Онда 2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы ҳәм оны 2022-жылда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама туўралы кең түрде мағлыўматлар берилди.
Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы жаслар парламентиниң ағзасы Дәўлетбай Сәрсенбаев жасларға пуқаралардың мәлимлеме-комунникация қуралларынан пайдаланыў мәдениятын арттырыў, бүгинги күндеги интернеттиң жасларға унамсыз тәсирлери ҳаққында мағлыўматлар берип, олар интернет тармағынан пайдаланғанда мәденият ҳәм әдеп-икрамлылық нормаларына әмел етиўи, мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм интернет мәдениятын беккем өзлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди.
Атап өтилгениндей, Өзбекстанда ашық ҳәм әдил пуқаралық жәмийетин қурыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў, мәлимлеме, өндирис ҳәм басқа да тараўларда инсан факторының талап ҳәм мәплерин қанаатландырыў мәмлекетимиздиң бас стратегиялық мақсетлериниң бири болып есапланады. Пуқаралардың сөз еркинлигин тәмийинлеў, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларға ҳәр кимниң жеке позициясы ҳәм дүньяқарасына ийе болыўы, ҳәр бир процессте сол халық перзенти сыпатында тиккелей мүнәсибет билдире алыўы, пайда болған машқалаларды шешиўде пуқара-шаңарақ-мәхәлле-мәмлекет ҳәм жәмийетлик шөлкемлер принципи тийкарында әмелий нәтийжелерге ерисиў, халықтың, машқала ҳәм кемшиликлерин шешиўде көпшиликтиң пикирин үйренген ҳалда зәрүр әмелий шешим табыў бүгинги күнниң тийкарғы талабы.
Ушырасыўда жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Саёра Айтбаева,
Хатира Турсынғалиева,
ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги