Республика аймағындағы жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланып атырған “Дамас” маркалы автотранспортларды басқышпа – басқыш автобус ҳәм микроавтобусларға алмастырыў режелестирилген.

Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасын социаллық ҳәм экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарламасы тийкарында быйылғы жылы 50 автобус ҳәм 50 микроавтобус сатып алыў белгиленген. Буның нәтийжесинде транспорт кәрханалары, автобус парклери жаңаланып, жолаўшыларға сапалы хызмет көрсетиледи. Соныӊ ишинде, соӊғы ўақытлары республикамызда жолаўшы тасыў хызмети менен шуғылланыўшы исбилерменлер тәрепинен сырт мәмлекетлерде ислеп шығарылған  заманагөй микроавтобуслар алып келинбекте.

―Бүгинги күнге шекем “MAGIC KEY ” ЖШЖ тәрепинен “SHINERAY” маркалы 40 микроавтобус алып келинип, «Нөкис қаласы-Ақмаӊғыт дийқан базары” жөнелисинде  хызмет көрсетип келмекте,―дейди бизге Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлигиниӊ мәлимлеме хызмети баслығы Заҳийда Қалжанова.-Сондай-ақ,  “Райхона Алянс Транс” ЖШЖ тәрепинен  5, “Санжарбек Жасмина” ЖШЖ тәрепинен  11 “FOTON”, “Brand Luxsory Trans” ЖШЖ тәрепинен  “Next” 5 маркалы микроавтобуслар алып келинип, ҳәзирги ўақытта 4-88-6-санлы жөнелислерде халыққа хызмет көрсетип киятыр.

Әлбетте, бундай жаӊаланыўлар халық турмысыныӊ абаданлығыныӊ артыўына хызмет ететуғынлығына исенип қаламыз.

Бийбижамал Реймбаева,

ⱩМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниӊ 1-курс студенти.

Ⱪарақалпақстан хабар агентлиги