Ҳәзирги заман илим ҳәм технологияларыныӊ раўажланыўы менен қарақалпақ филологиясы илиминде де бир қанша өзгерис ҳәм жаӊаланыўлар жүз бермекте.
Әсиресе, соӊғы жыллары қарақалпақ әдебияты, тил билими ҳәм тилге тийек мәселелер үйренилип, илимий изленислер алып барылмақта. Бунда белгили филолог илимпазларымыз бенен жас изертлеўшилердиӊ изленислерине дурыс бағдар ҳәм жол-жоба бериўде филология илимлериниӊ докторы, профессор Қуўанышбай Оразымбетовтыӊ ислеп атырған ийгиликли ислери айрықша болып табылады.
Оныӊ тийкарғы илимий бағдары қарақалпақ әдебияты, соныӊ ишинде лирикалық дөретпелерди изертлеўге бағдарланған ҳәм бул бойынша илимпаздыӊ көплеген илимий мийнетлери жәрияланып, ол 1993-жылы филология илимлерлериниӊ кандидаты, 2005-жылы филология илимлериниӊ докторы илимий дәрежесин табыслы қорғап шығады. 1996-жылы Қ.Оразымбетовқа доцент, 2008-жылы профессор илимий атағы берилди.
Бүгинги күнге шекем илимпаздыӊ «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем излениўшилик», «Ҳәзирги қарақалпақ лирикасында көркем формалардыӊ эволюциясы ҳәм типологиясы» монографиялары, таӊламалы шығармаларыныӊ еки томлығы, Жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларына арналған 3 сабақлық ҳәм 70тен аслам илимий мийнетлери баспасөзде жәрияланып, студентлер ҳәм жас илимпазлар ушын әҳмийетли қолланба сыпатында хызмет етип келмекте.
Ол Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындагы филология илимлери бойынша докторлық диссертация жақлаў бойынша қәнигелестирилген Илимий Кеӊестиӊ баслығы ўазыйпасында ислеп киятыр.
Быйыл илимий жәмийетшилик белгили алым Қуўанышбай Оразымбетовтыӊ өзиниӊ алпыс жыллық юбилейи кеӊнен белгиленбекте.
Усы мүнәсибет пенен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясыныӊ әҳмийетли мәселелери» атамасында халықаралық илимий-теориялық конференция болып өтти.
Конференцияны Бердақ атындағы ҚМУ проректоры, доцент А.Дүйсенбаев басқарып барды.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ комитет баслығы Д.Қурбаниязов Жоқарғы Кеӊес Баслығыныӊ юбиляр ҳәм конференция қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын оқып еситтирди.
Конференцияда ҚМУдыӊ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультети деканы, доцент Қ.Турдыбаев «Ҳәзирги қарақалпақ әдебиятыныӊ әҳмийетли мәселелери», Түркияныӊ Эгей университети доценти, илим докторы Пинар Федакар «Түркияда қарақалпақ мәдениятына байланыслы мийнетлерди таллаў», ҚМУ доценти Б.Генжемуратов «Поэзияны үйрениўдиӊ жаӊа дәўирин баслаған илимпаз» атамасында баянатлары тыӊланды.
Буннан соӊ әнжуманда Қазақстан Республикасыныӊ Алматы қаласында Орайлық Азия мәмлекетлери ректорлары форумында болып турған ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов, Ташкент қаласынан Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ депутаты, доцент М.Ибрагимов видеоконференц байланыс форматында халықаралық конференция қатнасыўшыларын ҳәм белгили әдебиятшыны юбилейлик сәнеси менен қутлықлады.
Ал, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамыныӊ баслығы, Өзбекстан халық жазыўшысы К.Каримов, педагогика илимлериниӊ докторы, профессор Қ.Йўлдашев, Үргенш мәмлекетлик университетиниӊ профессоры З.Досимов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Ишки ислер уйымы ветераны, генерал-майор М.Бабаниязов ҳәм басқа да сөзге шыққанлар, алымныӊ өмири ҳәм дөретиўшилигине тоқтап өтип, оған жоқары баҳа берди.
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде әдебияттаныўшы алым, филология илимлериниң докторы, профессор Қуўанышбай Оразымбетовтың 60 жасқа шығыў мүнәсибети менен шөлкемлестирилген «Ҳәзирги қарақалпақ филологиясының әҳмийетли мәселелери» атамасындағы Халықаралық илимий-теориялық конференцияда баянат жасаған Пинар Федакар өзи жумыс ислейтуғын оқыў орны менен биргеликте келешектеги бирге ислесиў бойынша университеттиӊ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниӊ деканы, доцент Қ.Турдыбаев басшылығында тийисли қәнигелер менен биргеликте илимий жойбарларды әмелге асырыў, кадрларды таярлаў бағдарында анық жобаларға қысқаша тоқталды.
-Биз, әлбетте, жаңа басланған ислердиң алдағы ўақытта өз нәтийжесин беретуғынлығына исенемиз ҳәм жаңа жойбарлар үстинде жумыс алып барыўшы изертлеўшилер қатарының еле де көбейиўинен үмит етемиз,-дейди түркиялы илимпаз Пинар Федакар.
Соӊынан конференция секцияларға бөлинген ҳалда өз жумысын даўам етти.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы