Елимизде жумыс алып барып атырған Пуқаралар жыйынлары баслықларының ўәкиллик мүддетиниң тамамланыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Конституциясының 105-статьясы және «Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ҳаққында»ғы ҳәм «Пуқаралар жыйыны баслығы (ақсақалы)н сайлаў ҳаққында»ғы нызамлардың тийисли статьяларына муўапық пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары)ның гезектеги сайлаўын усы жылдың май айында өткериў ҳаққында қарар қабыл етилген еди.
Усы қарар тийкарында Сенат Баслығы басшылығындағы Пуқаралар жыйынлары баслықларының сайлаўын шөлкемлестириўге ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын республикалық комиссия дүзилип, усы сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша илажлар режеси ҳәм сайлаў бюллетениниң үлгиси тастыйықланды.
Буннан тысқары, аймақларда сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге жәрдемлесетуғын комиссиялар дүзиў, сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўде пуқаралар жыйынларына ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў, оны өткериўде жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, сайлаў өткерилетуғын орынларда медициналық хызмет көрсетилиўин нәтийжели шөлкемлестириў, санитариялық-гигиеналық талаплар ҳәм карантин қағыйдаларына әмел етилиўин қадағалаў, сондай-ақ, сайлаў процесин кеңнен сәўлелендириў бойынша өз алдына ўазыйпалар белгилеп алынды.
Тахтакөпир районы ҳәкимлигиниӊ мәжилислер залында Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы оқыў семинары шөлкемлестирилди.
Семинарға Пуқаралар жыйынлары баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын өткериўге көмеклесиўши райондағы комиссия баслықлары олардың орынбасарлары менен жумысшы топар ағзалары қатнасты.
Онда Пуқаралар жыйыны баслықлары (ақсақаллары) сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши районлық ҳәм қалалық комиссиялардыӊ жумысларын жетилистириў, муўапыкластырыў ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетиў бойынша Тахтакөпир районына бекитилген Қарақалпақстан Республикасы комиссиясыныӊ ағзасы Қ.Байниязов, Нөкис мəмлекетлик педагогикалық институтыныӊ үлкен оқытыўшысы Ы.Қуттымуратова, район ҳәкиминиң орынбасары Ш.Бектурғановлар шығып сөйлеп, сайлаў нызамшылығына киргизилген өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында илаж қатнасыўшыларына кеӊнен түсиниклер берилип, қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы