Президент Шавкат Мирзиёев 11-май күни ғәлле жетистириўдеги реформалардың әҳмийетли басқышына бағышланған мәжилис өткерди.

Соңғы ўақытлары жәҳән базарларында азық-аўқат баҳалары күн сайын жоқары пәт пенен өсип бармақта. Халықаралық биржаларда 1 тонна бийдайдың баҳасы 400 долларға көтерилди ҳәм жылдың басына қарағанда баҳалар 30 процентке артты.

Баҳаның турақлылығына ерисиў ушын биринши гезекте ғәллешиликте базар механизмлерин толық енгизиў зәрүрлиги пайда болмақта. Усы мүнәсибет пенен мәжилисте фермерлердиң мәпдарлығын тәмийинлеў, зүрәәтликти арттырыў арқалы базарда усынысты көбейтиў мәселелери додаланды.

Соңғы жыллары аймақларда қуўатлылығы дерлик 3 миллион тонна болған 160 дан аслам ири жеке меншик дән кәрханалары жумыс баслады. Өткен жылы республикамыз бойынша дерлик 3,5 миллион тонна ун ислеп шығарылған болып, соның 54 проценти жеке меншик дән кәрханаларының үлесине туўра келеди.

Мәжилисте «Өздәнөним» компаниясы қурамындағы 43 дән кәрханалары жаңа базар шараятларында нәтийжели ислеўге таяр емеслиги, өндирис қуўатлықларынан нәтийжели пайдаланылмай атырғаны, сондай-ақ, мәмлекетлик дән кәрханаларында талан-тараж етиў жағдайларының сапластырылмағанлығы сынға алынды.

Мәмлекетлик дән кәрханаларындағы ҳәзирги ўақыттағы ескише система дән жетистириўшиге де, қайта ислеўши кәрханаларға да пайда бермей атырғаны атап өтилди. Өзбекстан халқы, фермер-дийқанлар көптен берли күткен дән жетистириўде мәмлекетлик буйыртпаны басқышпа-басқыш бийкарлаў ҳәм ҳақыйқый ғәлле базарын жаратыў бойынша әҳмийетли қәдем таслаўдың ўақты келгенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы барлық зәрүр шөлкемлестириў жумыслары шешилген ҳалда, 1-июньнен баслап, ғәллени мәмлекет тәрепинен сатып алыў ҳәм сатыўда базар баҳаларына өтилетуғынын мәлим етти.

Фермер ҳәм кластерлер өзи жетистирген ғәллени биржа саўдаларына алып шығыўы ушын мәмлекет тәрепинен барлық имканиятлар жаратылады. Мәмлекетлик ресурслар ушын сатып алынатуғын 1 тонна бийдайдың баҳасы өткен жылдағы 1 миллион 550 мың сумнан быйылғы зүрәәти ушын 3 миллион сумға, яғный 2 есеге арттырылады.

Аўыл хожалығы қоры сатып алған 1 миллион 783 мың тонна бийдай талапқа қарай биржаға шығарады. Онда фермерлерге июль-август айларында биржада қәлиплескен орташа баҳалардан келип шығып, ортадағы унамлы парқы да төлеп бериледи. Оның ушын усы жылы мәмлекеттен 6 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылады.

Буннан тысқары, фермерлер еркинде қалатуғын бийдайдан 500 мың тоннасы дән кәрханаларында ўақтынша сақлаў ушын қабыл етиледи ҳәм 1-июльден баслап, биринши мәрте фермер ҳәм кластерлердиң өзлери биржа саўдаларына базар баҳасында шығарады. Онда 500 мың тонна бийдайдың дән кәрханаларында ўақтынша сақлаў қәрежетлери мәмлекет тәрепинен қаплап бериледи. Сондай-ақ, фермерлер 2022-жылдың бийдай зүрәәти ушын биржа төлемлеринен азат етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы бийдай жетистиритетуғын фермер ҳәм кластерлерди биржадан дизимнен өткериў ҳәм брокерлерди бириктирип, оқытыўды шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырма берди.

Быйыл жәми ғәлле өними ушын 7,6 триллион сум ажыратылмақта. Жаңа системаны толық, әдил ҳәм ашық-айдын ислеўи, ҳәр бир сум фермер ҳәм кластерге өз ўақтында, толық жетип барыўы, баҳаның өсиўи ҳәм жетиспеўшиликтиң алдын алыў бойынша «күн кесиминде» қадағалаў системасы енгизиледи.

-Бийдайдың ҳақыйқый ийеси, бул – фермер ҳәм кластерлер, деди мәмлекетимиз басшысы. – Буннан былай, районда реже орынланбай атыр, шарўа, қусшылық ямаса балықшылыққа азық-жем керек, деген себеплер менен фермерлердиң ғәллесин алып қойыў қатаң қадаған етиледи. Биржа арқалы сатылған бийдайға аймақлараралық шеклеў қойылмайды,-деди мәмлекетимиз басшысы.

«Өздәнөним» кәрханалары ҳәм жеке меншик кәрханаларға айланыс қаржы ушын 800 миллиард сум муғдарында кредит ресурслары ажыратылады.

Президент заманагөй, ықшам энергия үнемлеўши ун ислеп шығарыў кәрханаларын көбейтиў, ғәлле майданларын кеңейтиў ҳәм өнимдарлықты арттырыў, шетки ҳәм алыс аўылларға ун ҳәм ун өнимлерин жеткерип бериў бойынша транспорт қәрежетлерин қаплап бериў бойынша көрсетпелер берди. Ўәлаят ҳәкимлери ун ҳәм ун өнимлерин республикамыздың басқа аймақларынан ҳәм шеттен алып келип, базарда өнимниң қытшылығына жол қоймаў ҳәм баҳалардың турақлылығын тәмийинлеўге жеке жуўапкер ҳәм жуўапкер екенлиги атап өтилди.

Дән кәрханаларын меншиклестириў жумыслары да жеделлестириледи. Жуўапкерлерге 1-августқа шекем 20 дән кәрханасындағы мәмлекетлик үлести саўдаға шығарыў тапсырмасы берилди.

Мәжилис күн тәртибинен айрықша жағдайлардың алдын алыў мәселелери де орын алды.

Усы жылдың март-май айларында күшли жаўын-шашын ақыбетинде Бухара, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Сурхандәрья, Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятларында 15 ке шамалас ири сел ҳәм тасқынлар жүз берди. Ақыбетте 9 инсан қайтыс болды. 245 шаңарақ, 19 көпир зыян көрди, 450 ден артық шарўа маллары набыт болды.

Оған сел ҳәм тасқын қәўипи жоқары аймақларда жыллар даўамында тәртипсиз қурылыслар исленгени, тәртипсиз суўғарылғаны да себеп болып атырғаны атап өтилди.

Президентимиз жуўапкерлерге таў дәрьялары ҳәм сайлары, сел жоллары жайласқан аймақларда күни-түни ислейтуғын штаблар шөлкемлестириў ҳәм қутқарыў отрядларын көбейтиў, дәрья жағалары, суў сақлағышлар, селге қарсы объектлердиң айрықша жағдайларға таяр жағдайын үйренип, оларды беккемлеў және қәўипли аймақларда жасап атырған шаңарақларды қәўипсиз аймақларға турақлы көшириў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА