Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги ҳәм оған қараслы мәкемелерде жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар ушын Швейцария раўажланыў ҳәм бирге ислесиў агентлиги тәрепинен қаржыландырылған “Өзбекстанда суў ресурсларын басқарыў” жойбарының 2-басқышы шеңберинде онлайн режимде интерактив тренинг болып өтти.
Илажды Өзбекстан Суў хожалығы министриниң орынбасары Р. Қаршиев кирис сөз бенен ашты ҳәм жойбар шеӊберинде суў хожалығы тараўларында ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, оларды бүгинги күн талабынан келип шығып билимлерин арттырыў бойынша соӊғы жыллары шөлкемлестирилип атырған оқыў тренинглердиӊ орны әҳмийетли екенлиги туўралы айтып өтти ҳәм жойбардыӊ кейинги жумысларына табыслар тиледи.
Соӊынан тренингти Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниӊ ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми жетекшиси Саадат Худайбергенова алып барды.
Тренингте Суў хожалығы ҳәм аўыл хожалығы тараўларында жумыс ислеп киятырған аз санлы ҳаял-қызлардың топарын және де көбейтиў, олардың экономикалық имканиятларын кеңейтиў ҳәм жетекшилик етиўде тәжирийбесин арттырыў туўралы сөз етилди.
Сондай-ақ, илажда усы тараўда ислеп бирқанша жетискенликлерге ерискен жасы үлкен апалар да сөзге шығып, бундай нәтийжеге ерисиўиниң тийкары мийнет екенлигин атап өтти. “Ашыўымызды да, қуўанышымызды да жерден аламыз”,- дейди олар.
Усы жерде фермер ҳаяллар бундай тренинглерде алған усыныс ҳәм билимлери нәтийжесинде қыйтақ жер ҳәм фермер хожалығы атызларында суўды үнемлеўши тежеўши технологиялардан кеңирек қолланып атырғанлығын айтыўымыз мүмкин.
Қатнасыўшылар онлайн тренинг арқалы “Ҳаяллардың экономикалық имканиятларын кеңейтиўде жетекшиниң роли”, “Нәтийжели сәўбет ҳәм ўақытты басқарыў қәбилети”, “Бизнести режелестириў ҳәм финанслық билимге ийе болыў” сыяқлы темаларда билим ҳәм көнликпелерге ийе болды.
Перуза Якупбаева,
ҚМУ қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистикасы 1-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги