Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы департаменттиң Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районлары бөлимлери тәрепинен өткерилген оператив илаж  даўамында жасалма усылда таярланған спиртли ишимликлер саўдасының алды алынды.

Атап айтқанда, департаменттиң Қанлыкөл районы бөлими тәрепинен «Нөкис вино заводы» акционерлик жәмийетиниң мүрәжаты ҳәм келип түскен оператив мағлыўмат тийкарында өткерилген илаж барысында «SM» жеке меншик кәрханасы сатыўшысы Е. (еркек) исмли пуқара тәрепинен жасалма усылда таярланған, қәлбеки акциз маркалы 240 шийше алкоголь өнимин ҳәр бир шийшесин 18 мың сумнан есаплап, жәми 4 миллион 320 мың сумға сатқан ўақтында усланды. Сондай-ақ, сатыў мақсетинде сақлап қойған, қәлбеки акциз маркалы 58 шийше алкоголь өними бар екенлиги анықланып, жәми 298 шийше алкоголь өними айғақлы зат сыпатында ўақтынша сақлаў ушын рәсмийлестирип алынды.

Департаменттиң Қоңырат районы бөлими ҳәм МҚХ Қоңырат районы бөлими тәрепинен биргеликте өткерилген оператив илаж даўамында Д. (ҳаял) исмли пуқара тәрепинен жасалма усылда таярланған, қәлбеки акциз маркалы 180 шийше алкоголь өнимин ҳәр бир шийшесин 16 мың сумнан есаплап, жәми 2 миллион 880 мың сумға сатқан ўақтында усланды ҳәм айғақлы зат сыпатында ўақтынша сақлаў ушын рәсмийлестирип алынды.

Бул еки жағдай бойынша департаменттиң Қанлыкөл ҳәм Қоңырат районлары бөлимлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары менен жынаят иси қозғатылып, дәслепки тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы