Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен быйылғы жылы усы күнге шекем бир қатар илажлар әмелге асырылған. Соның ишинде, жасларды исбилерменликке оқытыў ҳәм тартыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларды атап өтсек болады.
Жақында исбилерменлик субъектлерин оқытыў ҳәм қайта таярлаў тараўында палатаның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы жанындағы «Қарақалпақ бизнес тәлим» оқыў орайы ашылды.
– Оқыў орайы жанында шөлкемлестирилген «Жаслар 1+1» принципи тийкарында исбилерменлик тийкарларын оқытыў бойынша әмелге асырылған жумыслар ҳаққында айтып өтетуғын болсақ, бул жерде бүгинги күнге шекем 1715 жас оқытылды,-дейди Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баспасөз хаткери М.Абибова. – Солардың арасынан 1068 жас оқыў курсын табыслы тамамлап, арнаўлы сертификатларға ийе болды.
Сондай-ақ, палата тәрепинен жақында исбилерменлик тараўларында пайдаланыў ушын QR-код тийкарында тастыйықланып, усыныс етилип атырған үлгидеги бизнес режелер топламы ислеп шығылды.
Жас исбилерменлер, әсиресе, исбилерменлик жумысын енди баслап атырғанлар бул хызметлерден пайдаланса, жумысларын жақсы жолға қойыўы ушын үлкен жәрдемин тийгизеди.
Саёра Айтбаева,
Хатира Турсынғалиева,
ҚМУ журналистика бағдарының 1-курс студентлери.
Қарақалпақстан хабар агентлиги