Қарақалпақстан Республикасы Төрткүл районы ҳәкиминиң қарары менен ҳәкимниң биринши орынбасары ҳәм орынбасары жумыстан босатылған.
Атап айтқанда, район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары – экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бөлиминиң баслығы Раҳмонберди Ибодуллаев лаўазымынан босатылған.
Сондай-ақ, Шукурулло Атаниязов Төрткүл районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары лаўазымынан босатылған. Ҳәзирше олардың жумыстан алыныў себеплери белгили емес.
Қарақалпақстан хабар агентлиги