Усы жылы 10-май күни Нөкис қаласындағы Ашық театрда «Бозатаў талантлыларды жүзеге шығарады!» сүрени астында «Жаслар ҳаўазы» республика жаслар фестивалының салтанатлы ашылыў мәресими болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Президенти басшылығында 2019-жылдың 19-март күни жаслар менен ислесиўди нәтийжели шөлкемлестириўде мәденият, көркем өнер, спорт, мәлимлеме технологиялары, китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыўға бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилиси протоколы және елимиз басшысының 2020-жылдың 2-октябрь күни республикамызға сапары ўақтында белгилип берилген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Бозатаў районында «Жаслар ҳаўазы» республикалық жаслар фестивалын өткериў белгиленген еди.
Фестиваль шеңбериндеги таңлаў өткен жылы биринши мәрте өткерилген болып, елимиздиң барлық түпкирлеринен 10 мыңға шамалас талантлы жасты жәмледи. Қатнасыўшылардан 87 жас республикалық басқышқа жоллама алып, соннан «жүзден жүйрик, мыңнан тулпар» 21 жас сыйлы орынларды ийеледи. Ашылыў мәресиминде көрсетилген видеороликте бул ҳаққында мағлыўмат берилди.
Өзбекстан жаслар ислери агентлиги тәрепинен бир қатар мәпдар шөлкемлер менен биргеликте «Бес басқышлы бес баслама» олимпиадасы шеңберинде өткерилип атырған таңлаўға быйылғы жылы 238 мыңнан аслам жас дизимнен өтти. Мәҳәллелерде жаслар менен ислесиўдиң бир тутас вертикал «мәҳәлле-район-ўәлаят-республика» басқарыў системасына муўапық, таңлаўдың режесине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип, бес басқыштан ибарат етип белгиленди. Биринши таңлап алыў басқышы қатнасыўшылар дизимнен өткен пуқаралар жыйынында, екинши сектор басқышы таңлап алыў басқышында жеңимпаз болғанлар арасында, үшинши жергиликли басқыш қала ҳәм районларда, төртинши аймақлық басқыш Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилди.
Ҳәр бир аймақлық басқыштан соң жеңимпаз ҳәм белсене қатнасқанлардың гала концерти шөлкемлестирилди. Буннан гөзленген мақсет, олардың үлкен сахналарда өз өнерлерин көрсетиўи ушын имканият жаратыў болып табылады. Ҳәр бир басқыштан арнаўлы көрсетиўлер таярланып, сәўлелендирилип барылды.
Таңлаўдың Өзбекстан басқышы усы жылдың 10 ҳәм 15-май күнлери аралығында республикамызда болып өтеди. Онда аймақлық басқышларда жеңимпаз болған 152 жас қатнаспақта. Таңлаў бақсышылық, дәстүрий атқарыўшылық, опера ҳәм эстрада сыяқлы 4 бағдарда 10-15, 16-22, 23-30 жас категорияларындағы жаслар арасында болып өтеди.
Айрықша атап өтилгениндей, биринши орын ийелери-50 миллион сум (төрт бағдарда, жәми 12), екинши орын-30 миллион сум (төрт бағдарда, жәми 12), үшинши орын-20 миллион сум (төрт бағдарда, жәми 12), сондай-ақ, қалған барлық қатнасыўшылар-10 миллион сумнан ақшалай сыйлық пенен сыйлықланады.
Бақсышылық, дәстүрий атқарыўшылық, опера ҳәм эстрада бағдарлары бойынша таңлаў Нөкис қаласында, жуўмақлаўшы гала концерт ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў мәресими Бозатаў районындағы орайлық стадионда болып өтеди. Қатнасыўшылардың таңлаўдан бос ўақытларын мазмунлы өткериўи ушын Нөкис қаласындағы И.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы музейине, Президент мектебине, И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебине, бақсышылық ҳәм опера мектебине, Хожели районындағы Гәўир қала естелигине, Әмиўдәрья районындағы Шылпық қорғанына, Мойнақ районына саяхатлар шөлкемлестириледи.
Ашылыў мәресиминде белгили эстрада жулдызларының концерт бағдарламасын қатнасыўшылар айрықша қызығыўшылық пенен тамаша етти. Сондай-ақ, билимлендириў, мәденият, көркем өнер, спорт тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип киятырған республикамыз жасларының көргизбели шығыўы болды.
«Жаслар ҳаўазы» республика жаслар фестивалының салтанатлы ашылыў мәресимине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери