Шортанбай елатындағы Нөкис районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 30-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде «9-май-Еслеў ҳәм қәдирлеў күни» мүнәсибети менен оқыўшы жасларды Ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў мақсетинде «Сиз мәӊги қәлбимиздесиз» атамасындағы ушырасыў кешеси болып өтти.

Оған район ҳәкимлигинен тийисли тараў қәнигелери, мектеп муғаллимлери ҳәм оқыўшылары қатнасты.

Илажда Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы бас қәнигеси С.Хожахметов, Дин ислери бойынша комитетитиниң районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, Аўған урысы қатнасыўшылары Нурабылла Мамбетов, Алламберген Бекмуратов ҳәм Саламат Кенжебаевлар  Екинши жер жүзилик  ҳәм Аўған урысыныӊ халқымыз басына салған аўыр қыйыншылықлары ҳаққында кеӊ түрде айтып өтип, елимизде ҳүким сүрип турған бүгинги парахат заманнан нәтийжели пайдаланыў кереклиги туўралы оқыўшы жасларға кеӊ түрде түсиниклер берди.

Ушырасыўда оқыўшылар өзлерин қызықтырған сораўлар бойынша кеше мийманларына мүрәжат етип, оларға тийисли жуўаплар алды.

Алмагүл Жарменова,

Нөкис районлық ХББ ға қараслы 30-санлы мектептиӊ Дөретиўшилик-мәдений мәселелер бойынша үгит-нәсиятшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги