«Еслеў муқаддес – инсан қәдири уллы» сүрени астында илаж шөлкемлестирилди

9-май – Еслеў ҳәм қәдирлеў күни  мүнәсибети менен халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының ағзалары, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессор-оқытыўшыларының қатнасыўында илаж өткерди.

Олар студент-жаслардың қатнасыўында Нөкис қаласындағы «Сәрбиназ» МПЖда жасап атырған мийнет ветераны, Екинши жер жүзилик урыс дәўиринде тылда хызмет еткен Галина Темирболатованың шаңарағында болды. Байрам саўғалары тапсырылды.

Илажға Нөкис қаласы ҳәкимлиги, ветеранлар, партия белсендилери, Қураллы Күшлер ҳәм  ишки ислер уйымлары хызметкерлери, мектеп муғаллимлери қатнасты.

Университет студентлери тәрепинен  ветеранның қыйтақ жеринде абаданластырыў жумыслары алып барылды.

Сәўбетлесиў пайытында мийнет ветераны Галина Закировна жаслық дәўиринде фронт артында қурал-жарақ, оқ-дәри ислеп шығарыў заводында хызмет еткенлигин, урыс жылларындағы қыйын дәўирлерди көзинде толы жас пенен еслеп өтип, ҳәзирги тыныш-татыў заманға шүкиршилик билдирди. Ҳеш қашан урыс болмаўын тилеп, халқымыздың абадан, тыныш-татыў турмысына көз тиймеўин, тынышлық даўам етип, елимиз бахытлы турмыс кешириўин тиледи.

– Жаслардың жақсы билим алыўы ушын үлкен имканиятлар жаратылған. Тек ғана билим алыўымыз, кәсип үйрениўимиз, илим менен шуғылланыўымыз ҳәм ҳәр биримиз өзимиз ийелеген қәнигелигимиз бойынша күш-ғайратымызды жумсаўымыз керек,-дейди университеттиң жаслар менен ислесиў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша бөлим баслығы Қ.Бекназаров.

Илажда мектеп оқыўшылары тәрепинен Ўатан, тынышлық ҳәм инсан қәдири темаларында қосықлар оқылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги