Нөкис районлық Мәлимлеме-китапхана орайында Халық билимлендириў бөлимине қараслы  мектеплерде билим алып атырған оқыўшылар арасында «Ибрайым Юсупов избасарлары» ҳәм «Төлепберген Қайыпбергенов шығармаларының билимданы» таңлаўы болып өтти.

Таӊлаўда оқыўшылар 3 шәрт бойынша өз-ара жарысқа түсип, ол максимал 10 баллық системада тәжирийбели төрешилер тәрепинен баҳаланып барды.

Таӊлаў жуўмағында, «Ақтерек» елатындағы 10-санлы улыўма орта билим бериў мектеби оқыўшысы Дилназ Қалбаева 1-орынды ийелеген болса, 2-орынды  27 -санлы улыўма орта билим бериў мектебиниӊ Мадина Исмайылова , 3-орынды 1 -26-санлы мектептиӊ оқыўшылары Камила Қалбаева ҳәм Дилфуза Назархановалар  ийеледи.

Таӊлаў жуўмағында Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлиминиӊ баслығы Н.Тоимбетов,  Дин ислери бойынша комитетитиниң районлық бас қәнигеси Д.Таўекелов, ҳәм басқалар шығып сөйлеп, таӊлаўға белсене қатнасқаны ушын  барлық оқыўшыларды ерискен табыслары менен қутлықлап, алдағы жарысларда да белсендилик көрсетиўге шақырып қалды  ҳәм жеӊимпазларды дәрежели Диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықлады.

-Мен кишкенелигимнен әдебиятқа, соныӊ ишинде Т.Қайыпбергенов ҳәм И.Юсуповтыӊ дөретиўшилигине қызығып, олардыӊ китапларын сүйип оқыйман. Усыныӊ нәтийжеси шығар, бүгинги таӊлаўда жеӊимпаз болыўға еристим. Буныӊ ушын маған билим берген устазларыма рахмет айтаман,-дейди таӊлаўдыӊ республикалық басқышына жолламаны қолға киргизген 1-орын ийеси  Дилназ Қалбаева.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы